Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.06.2022 11:00
  • 698

Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары тастыйықланды. Бакалавриат бойынша тийкарғы өзгерислер ҳаққында

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «2022-2023-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

 

Оған бола, оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлериниң улыўмалық квотасы 121 295 орын етип белгиленди.

 

Соннан, бакалавриат билимлендириў бағдарларына – 110 707 орын, яғный:

Күндизги билимлендириў түрине – 77 477 орын;

Сыртқы билимлендириў түрине – 26 095 орын;

Кешки билимлендириў түрине – 3 725 орын;

Аралықтан билимлендириў түрине – 10 688 орын;

 

Магистратура қәнигеликлерине – 10 688 орын.

 

Сондай-ақ, финанслық ғәрезсизлик берилген 36 мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының төлемли контракт бойынша және 50 мыңнан аслам қабыллаў параметрлери Бақлаў кеңеслериниң қарары менен тастыйықланыўы жобаластырылған. Нәтийжеде быйылғы оқыў жылында қабыллаў параметрлери өткен жылға салыстырғанда артады.

 

Ҳүжжет тийкарында, 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында:

 

- оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери Президент бийлигине муўапық тастыйықланады;

 

- бакалавриат бағдарлары бойынша аралықтан билимлендириў түри енгизиледи.

 

2022-2023-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларына абитуриент сыпатында дизимнен өтиў процесслери 2022-жыл 20-июньнан 20-июль күни (сол күни де) аралығында болып өтеди.

 

Бунда онлайн тәризде дизимнен өтиў:

 

- Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz);

- Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты (dtm.uz) арқалы әмелге асырылады.

 

Шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын билимлендириў бағдарларына онлайн дизимнен өтиў 10-июльға шекем (сол күни де) әмелге асырылады.

 

Сондай-ақ, қарарға муўапық абитуриентлерге:

 

- тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги бирдей болған бесеўге шекемги бакалавриат билимлендириў бағдарларын, сондай-ақ, бир ўақыттың өзинде барлық билимлендириў түрлерин (күндизги, сыртқы, кешки, аралықтан билимлендириў) таңлаў ҳуқықы бериледи;

 

- дизимнен өтиў процесинде таңланған бакалавриат билимлендириў бағдарларының үстинлигине қарай дәслеп мәмлекетлик грант, кейин ала төлемли контракт тийкарында таңлаўда қатнасыў имканияты бериледи.

 

Соның менен бирге, буннан былай жоқары оқыў орынларына имтиханларсыз мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў бойынша жеңилликке ийе болған адамлар улыўмалық қабыллаў параметрлеринен тысқары қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

 

Алдын жеңилликке ийе болған айырым абитуриентлер улыўмалық квота шеңбериндеги мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланатуғын ҳәм ажыратылған грант орынларын бәнтлейтуғын еди.

 

2023-2024-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тек ғана мәмлекетлик грант бойынша тастыйықланады.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы