Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет тийкарында, 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында:
- оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери Президент бийлигине муўапық тастыйықланады;
- магистратураға қабыллаў абитуриенттиң бакалавриат диплом балының орташа көрсеткиши ҳәм шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады, қәнигелик пәнинен имтихан өткерилмейди.
Бунда магистратураға қабыллаў бир жылда еки мәрте – август ҳәм январь айларында шөлкемлестириледи.
Яғный:
- август айындағы қабыллаў – гезектеги оқыў жылы ушын тастыйықланған мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарындағы квоталар ушын;
- январт айындағы қабыллаў – жазда толмай қалған орынлар ҳәм Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған контракт тийкарындағы қосымша квоталар ушын болады.
Усы қарарға муўапық, буннан былай мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына оқыўға кирген барлық ҳаял-қызлардың төлемли контракт муғдарлары мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланады.
Бунда:
- 2021-2022-оқыў жылында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына студентликке қабыл етилип, төлемли контракт тийкарында оқып атырған ҳаял-қызлардың 2022-2023-оқыў жылы ушын төлемли контракт муғдары;
- 2022-2023-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына ажыратылған қабыллаў параметрлери шеңберинде базалық төлемли контракт тийкарында студентликке қабыл етилген ҳаял-қызлардың төлемли контракт муғдары қаплап бериледи.
2023-2024-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тек ғана мәмлекетлик грант бойынша тастыйықланады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.