Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.06.2022 12:00
  • 915

Студентлердиң оқыўын көшириў бойынша жаңа тәртип енгизилди

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық студентлердиң оқыўын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына көшириў бойынша төмендеги тәртип енгизилмекте.

 

Яғный, буннан былай мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары арасында студентлердиң оқыўын көшириўге тек ғана төмендеги жағдайларда рухсат бериледи:

 

- студент шаңарақ қурыўы мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы жоқары оқыў орнына оқыўын көшириў ушын мүрәжат еткенде;

 

- мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлериниң жумыс орны өзгерген жағдайда оның өмирлик жолдасы ямаса ержетпеген перзенти оқыўын көшириў ушын мүрәжат еткенде, тийисли министрлик (мәкеме) басшысының усынысы тийкарында.

 

Сырт мәмлекетлер ҳәм елимизде жумыс алып барып атырған сырт еллердиң жоқары оқыў орынларының филиаллары ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринен мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўын көшириў әмелдеги тәртипке муўапық шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде