Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.08.2022 18:00
  • 767

Билип қойғаныңыз жақсы: Ишки ислер уйымы хызметкери қандай жағдайларда электрошок қурылмаларын қолланыў ҳуқықына ийе?

 

Өзбекстан Республикасының «Ишки ислер ҳаққында»ғы нызамының 23-статьясына муўапық, ишки ислер уйымы хызметкери төмендеги жағдайларда электрошок қурылмаларын қолланыў ҳуқықына ийе:

 

- пуқараға ямаса ишки ислер уйымы хызметкерине исленген ҳүжимди қайтарыў ушын;

- жынаят ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты тоқтатыўда;

- ишки ислер уйымы хызметкерине қарсылық көрсетилиўин тоқтатыўда;

- жынаятты әмелге асырыў ўақтында ямаса оны әмелге асырғанынан соң дәрриў көрип қалынған, жасырыныўға ҳәрекет етип атырған адамды услаўда;

- услап турылған адамларды ҳәм қамаққа алынған, ҳәкимшилик қамаққа алынған адамларды алып барыў, қорғап барыў ҳәм қорғаўда, сондай-ақ, қашыўға урыныўын, әтираптағыларға ямаса өзине зыян жеткериўге жол қоймаў мақсетинде;

- пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, жәмийетлик қәўипсизлигине қәўип салатуғын ғалабалық тәртипсизликлер және басқа нызамға қайшы ҳәрекетлерди тоқтатыўда.

 

Электрошок қурылмаларын кимлерге қарата қолланыўға болмайды?

 

Электрошок қурылмаларын:

- ҳәмиледарлық белгилери сезилип турған ҳаялларға;

- майыплық белгилери көринип турған адамларға;

- жасы анық көринип турған ямаса мәлим болған ержетпегенлерге қарата қолланыў қадаған етиледи.

 

Буған олардың қураллы қарсылық көрсеткенлиги яки пуқаралардың ямаса ишки ислер уйымы хызметкериниң өмири ҳәм денсаўлығына ҳақыйқатында да қәўип туўдырып, топар болып ҳүжим етиў жағдайлары кирмейди.

 

Электрошок қурылмаларын қолланыў шәртлери

 

1) Электрошок қурылмаларын қолланыўдан алдын оларды қолланыў нийети ҳаққында анық баян етилген ескертиў болыўы керек.

 

Тек ғана усындай ескертиўдиң имканы болмаған ямаса олардың қолланылыўын кешиктириў пуқаралардың ҳәм ишки ислер уйымы хызметкериниң өмири ҳәм денсаўлығына тиккелей қәўип туўдыратуғын және басқа аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болған жағдайлар буған кирмейди.

 

2) Электрошок қурылмаларының қолланылыўы жүзеге келген жағдайға, адамлардың ис-ҳәрекетлериниң өзгешеликлерине ҳәм қәўиплилик дәрежесине муўапық болыўы керек. Бунда ишки ислер уйымы хызметкери ҳәр қандай зыянның аз болыўына имканы болғанынша ҳәрекет етиўи шәрт.

 

3) Электрошок қурылмаларының қолланылыўы ақыбетинде дене жарақатын алған пуқараларға биринши медициналық жәрдем көрсетилиўи, сондай-ақ, имканы болғанынша қысқа ўақыт ишинде медициналық жәрдем көрсетиў илажлары көрилиўи, олардың жақын ағайинлерине болса 24 саат ишинде бул ҳаққында хабар берилиўи керек.

 

4) Усы қурылманың қолланылыўы үшинши адамлардың өмири, денсаўлығына қәўип туўдырмаўы ҳәм мүлклерине зыян жеткермеўи керек.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...