Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.08.2022 14:00
  • 726

Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны ҳаққында мағлыўматлар (Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде)

 

Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны усы жылдың 1-июль жағдайы бойынша 1 миллион 962 миллионнан аслам адамды қурады. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди. Мәлим болыўынша, республикамыз халқы жыл басынан берли 13,9 мың адамға (0,7 процентке) көбейген. Соннан, қалалық жерлерде жасайтуғын халық саны 961,3 мың адам (улыўма халықтың 49 проценти), аўыллық жерлердеги халық саны 1 миллион 1 мың адамнан (51 процент) асламды қурады.

 

Халық санын Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде өткен жылдың усы дәўирине салыстырып көргенимизде:

 

Нөкис қаласы – 332,1 мың адам (2021-жыл 326,0 мың)

Әмиўдәрья районы – 206,4 мың адам (2021-жыл 202,5 мың)

Беруний районы – 199,0 мың адам (2021-жыл 195,5 мың)

Бозатаў районы – 21,9 мың адам (2021-жыл 21,8 мың)

Қараөзек районы – 53,8 мың адам (2021-жыл 53,3 мың)

Кегейли районы – 73,9 мың адам (2021-жыл 73,3 мың)

Қоңырат районы – 133,7 мың адам (2021-жыл 132,0 мың)

Қанлыкөл районы – 52,7 мың адам (2021-жыл 51,9 мың)

Мойнақ районы – 33,3 мың адам (2021-жыл 32,6 мың)

Нөкис районы – 52,3 мың адам (2021-жыл 51,3 мың)

Тақыятас районы – 75,9 мың адам (2021-жыл 74,9 мың)

Тахтакөпир районы – 40,7 мың адам (2021-жыл 40,5 мың)

Төрткүл районы – 222,6 мың адам (2021-жыл 218,9 мың)

Хожели районы – 126,5 мың адам (2021-жыл 124,6 мың)

Шымбай районы – 114,4 мың адам (2021-жыл 113,4 мың)

Шоманай районы – 57,3 мың адам (2021-жыл 56,7 мың)

Елликқала районы – 165,9 мың адам (2021-жыл 162,9 мың).

 

Атап өтилген дәўирде Қарақалпақстан Республикасында 18,8 мың адам туўылған болса, 4,4 мың адам қайтыс болған. Көшип келгенлер саны 4,3 мың адам, ал көшип кеткенлер болса 4,8 мың адамды қураған. Республикамызда январь-июнь айлары аралығында 7,3 мың неке дизимге алынған болса, некеден ажырасыўлар көрсеткиши 1,1 мыңды қураған.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...