Telegram karinform

Технология

  • 18.08.2022 17:00
  • 1328

Германия топырақтаныў институты студентлери Арал теңизи топырақларын үйренбекте

 

Суў ресурслары ҳәм топырақларды турақлы және комплексли басқарыў жәмийеттиң турақлы раўажланыўы ушын шешиўши әҳмийетке ийе. Бунда ресурсларды турақлы басқарыў бағдарында мүмкин болған шешимлер бойынша қоспа изертлеўлерге дыққат қаратыў ғана емес, соның менен бирге, жоқары оқыў орынларында жас илимпазларды таярлаўға да айырықша итибар қаратыў зәрүр.

 

Усы мүнәсибет пенен Германиядағы Готфрид Вильгельм Лейбниц атындағы Ганновер университетиниң студентлери Топырақтаныў институты директоры Георг Гуггенбергер басшылығында Ѳзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайына келди.

 

 

Бул оқыў әмелияты Қазақстан ҳәм Өзбекстанның топырақ ҳәм суў ресурслары, олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм жүзеге келип атырған экологиялық машқалалар, сондай-ақ, турақлы басқарыў вариантларын ислеп шығыўға қаратылған. Бул оқыў әмелияты дәстүри көп тәреплеме биргеликте жумыс алып барыў, изертлеў ҳәм оқытыўдағы улыўма мәплерге қаратылған. Оқыў әмелиятында тек германиялы студентлер емес, ал жергиликли жоқары оқыў орынлары студентлери де қатнасады. Оқыў ўақты шериклес институтлар менен биргеликте ислеп шығылады ҳәм гезекпе-гезек сол мәмлекетте ҳәм Германияда болып өтеди.

 

Ушырасыўдың биринши күнинде делегация ағзалары орай тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты жумыслары менен танысты.

 

Сапар даўамында делегацияның Мойнақ районы ҳәм Арал теңизиниң қурғаған ултанында болыўы жобаластырылған.

 

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити