Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.08.2022 15:00
  • 566

Магистратурада оқып атырған ҳаял-қызлардың контракт төлемлерин мәмлекет тәрепинен төлеп бериў тәртиби мәлим етилди

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 15-августтағы 447-санлы қарарына муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышына төлемли контракт тийкарында оқыўға қабылланған ҳәм оқып атырған ҳаял-қызлардың төлемли контракт суммасын мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төлеп бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

 

Режеге муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары, соның ишинде, Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Бас прокуратура академиясы, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби және Банк-қаржы академиясының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз төлеп бериледи.

 

Бунда талабан 2022-2023-оқыў жылынан баслап оқыў жылы ушын төлемли контракттың толық суммасын төлеп бериў бойынша (еселенген төлемли контракт буған кирмейди) өзлери оқып атырған жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры)ның атына 15-сентябрьге шекем арза менен мүрәжат етеди.

 

Көрсетилген мүддеттен кейин усынылған арзалар көрип шығылмайды. Арзалар 3 жумыс күнинде көрип шығылып, дизим қәлиплестириледи. Улыўмаластырылған талабанлардың дизими 5 жумыс күнинде төлемли контрактларды төлеп бериў ушын Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине (2023-жылдан жоқары оқыў орынларының мәкемелик тийислилиги бойынша министрлик ҳәм мәкемелерине) жибериледи.

 

Талабанларға төлемли контракт суммасын төлеп бериў ҳаққында усы оқыў жылының 15-октябрь күнине шекем тийисли жоқары оқыў орны ректоры (филиал директоры)ның буйрығы шығарылады.

 

«Kun.uz» басылымы ҳәзирги ўақытта магистратура басқышында оқып атырған, еселенген контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызларға да контракт төлемлери төлеп бериледи ме? деген мазмундағы сораў менен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызметине мүрәжат еткен.

 

Министрлик мәлимлеме хызметиниң қәнигеси Зафар Әмирқуловтың атап өтиўинше, енгизилип атырған бул жаңа тәртип тек ғана базалық контракт бойынша қабыл етилгенлерге әмел етеди.

 

«Мәселен, квотада жәми 10 орын, соннан 2 грант ҳәм 8 контракт ажыратылған болса, нәтийжеси бойынша биринши 8 ликте студентликке усыныс етилген магистрлардың быйылғы контракт суммалары төлеп бериледи. 8 ден тысқары қосымша қабыл етилгенлерге қолланылмайды. Бул тек ғана биринши курсқа қабыл етилетуғын студентлер ушын. Егер магистратура басқышында оқып атырған ҳаял-қызлар биринши курсқа квотадан тыс, еселенген контракт тийкарында қабыл етилген болса, оларға да екинши курстан контракт суммасы төлеп бериледи», - деп айтып өткен министрлик қәнигеси.

 

Еслетип өтемиз, 2022-жыл 7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы президент пәрманында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз төлеп берилиўи белгиленген еди. Буның ушын мәмлекет тәрепинен 23 мың ҳаял-қызға 200 миллиард сум ажыратылыўы атап өтилген еди.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге