Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.08.2022 15:00
  • 548

Ҳаял-қызлардың оқыўы ушын тәлим кредитлери ажыратылады

 

2022-жыл 18-август күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде ҳаял-қызлардың төлемли контракт тийкарында билим алыўы ушын тәлим кредитлерин ажыратыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

 

Қарарға муўапық, жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде ҳаял-қызлардың төлемли контракт тийкарында билим алыўы ушын тәлим кредитлерин ажыратыў ҳаққындағы реже тастыйықланды.

 

Усы ҳүжжетке муўапық, республикадағы барлық жеке меншик, сырт ел ҳәм мәмлекетлик жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери және олардың филиалларында күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формасы бойынша студент ҳаял-қызлардың контракт төлемлери ушын 14 процентлик ставкада тәлим кредитлери ажыратылады.

 

Тәлим кредитин ажырататуғын коммерциялық банклердиң дизими Қаржы министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

 

Тәлим кредити кредит алыўшы тәрепинен билимлендириў шөлкемлеринде билим бериўдиң тийисли түри бойынша рәсмий оқыў мүддети жуўмақланғаннан соң жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.

 

Кредиттиң процентлик төлемлери Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитлерин қаржыландырыў қоры қаржылары есабынан қаплап бериледи.

 

Режеге муўапық, «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың ҳаял-қызларына ажыратылатуғын тәлим кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.

 

Тәлим кредитлери Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған республикадағы барлық жоқары, орта арнаўлы ҳәм процессионал билимлендириў шөлкемлеринде (Өзбекстан Республикасы аймағындағы сырт ел, мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери, олардың филиалларында), соның ишинде, қоспа тәлим бағдарламалары бойынша бакалавриат, магистратураның күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формасында төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген ямаса усыныс етилген, оқыўын көширген, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студент ҳаял-қызлардың контракт төлемлерин қаплаў ушын мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын лимит шеңберинде қаржылар жетерли болмаған жағдайларда, сондай-ақ, контракт төлемлери қаплап берилмеген студент ҳаял-қызларға ажыратылады.

 

Бунда кредит алыўшының турақлы дәрамат дәрегине ийе болған шаңарақ ағзалары (ата-анасы, аға-иниси, апа-сиңлиси, өмирлик жолдасы) ямаса үшинши тәреп биргеликте қарыз алыўшы сыпатында тәлим кредити шәртнамасында қатнасыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,