Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.08.2022 17:00
  • 572

Қарақалпақстанда қаўын өсириўшиликтиң қысқаша тарийхы

 

Қарақалпақстан – палыз егинлери, соның ишинде, қаўын өсириўшилик бойынша тийкарғы үлкелердиң бири. Республикамыздың жери, климат шараятлары оғада ширели қаўын түрлерин өсириў ушын жүдә қолайлы. Қарақалпақстан қаўынлары өзиниң ширелилиги, шийрин дәмлилиги, жупар ийиси, узақ жерлерге алып барыўға ҳәм узақ ўақыт сақлаўға шыдамлылығы менен дүньяға белгили.

 

«Қарақалпақстан қаўынлары» атамасында 1977-жылы баспадан шығарылған атласта жазылған мағлыўматларға қарағанда, қарақалпақ қаўынлары 1959-жылы шийрин дәмлилиги бойынша бурынғы Аўқам халық хожалығы жетискенликлери көргизбесиниң конкурсында биринши орынды ийелеп, жоқары сыйлық – Алтын медаль алыўға миясар болған.

 

Биз усы китапта келтирилген мағлыўматлар тийкарында Қарақалпақстанда қаўын жетистириўдиң қысқаша тарийхы менен таныстырыўды мақул деп есапладық.

 

Қаўынның ўатаны – Орта ҳәм Шығыс Азия болып есапланады. Қаўын егин сыпатында Орта Азияда бизиң эрамыздан әдеўир бурын-ақ пайда болған. Бизиң эрамыздың II әсиринде Ферғана ойпатына келип-кеткен қытайлылар «Батыс елинде» Қытайда жоқ жақсы қаўынлардың бар екенлиги жөнинде мағлыўматлар берген.

 

Қарақалпақстан аймағындағы Төрткүл, Беруний, Хожели ҳәм Нөкис районлары аймақларында әййемги дәўирлерден баслап палыз егинлери өсирилген. 1951-жылы Топырақ қала археологиялық естелигинде қазыў жумысларын алып барған археолог С.П.Толстов басшылығындағы экспедиция тәрепинен қорғанды қазыў ўақтында бизиң эрамыздың III әсирине тийисли мәдений қаўын туқымлары табылған.

 

Марокко саяхатшысы Ибн Баттута IV әсирде Хорезмде болып, пүткил жер жүзинде Хорезм қаўынына тең келетуғын қаўын жоқ деп өзиниң китабына жазып кеткен еди. Бизиң эрамыздың VI әсиринде Әмиўдәрьяның төменги жағынан Иран, Ирак мәмлекетлерине жаңа пискен қаўынлар, ал Ҳиндстан ҳәм Қытай мәмлекетлерине қақланған қаўынлар жиберилгенлиги ҳаққында жазба дәреклер ушырайды.

 

Кейин ала Хорезм жерлерин араблардың, соңынан монғоллардың жаўлап алыўы ақыбетинде Аралдың түслигинде қаўын өсириўшилик жоқ болыў жағдайына түскен. Қаўын өсириўшиликти бурынғыдай гүлленген аўҳалына тиклеў ушын жүзлеген жыллар керек болған.

 

XIX әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басларында Қарақалпақстанда жетистирилген қаўынның қысқы сортлары Шымбай, Хожели, Беруний, Төрткүлден суў транспорты менен Әмиўдәрья арқалы Чаржаў станциясына шекем алып барылған. Ол жерден поезд бенен ҳәр қыйлы қалаларға, соның ишинде, Америкаға да жиберилген.

 

 

Қарақалпақстан қаўынның ең жақсы сортларын егип, туқымын жетистириўши орынлардың биринен есапланады. Бул үлкеден тийкарғы туқым материалы Өзбекстанның барлық аймақларына таралған ҳәм оннан басқа қалаларға да жиберилип турылған.

 

Қарақалпақстанда ең биринши рет қаўынның қөдирең түринен қаўынның мәденийлестирилген қысқы сортлары дөретилген ҳәм жаз писер және гүзги писер, сондай-ақ, қысқы сортлары да жетистирилип шығарылған.

 

Топлаған: Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Фотосүўретлер ҚР Архив иси басқармасы ҳәм социаллық тармақлардан алынды.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция

Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында

Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында

Қарақалпақстан баспасөзи 1924-жыллардан баслап қәлиплесе баслаған болса, бул жылларда дәслепки «Қызыл Қарақалпақстан», «Советская Каракалпакия» сыяқлы газеталар...

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри