Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.08.2022 10:00
  • 553

Қарақалпақстандағы демографиялық жағдай бойынша мағлыўматлар: Халықтың тәбийғый өсими

 

Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны усы жылдың 1-июль жағдайы бойынша 1 миллион 962 миллионнан аслам адамды қурағанлығы ҳаққында алдын хабар берген едик.

 

ҚР Статистика басқармасының мәлим етиўинше, республикамыз турақлы халқы санының 30,8 проценти мийнетке жарамлы жастан киши болғанлар, 59,2 проценти мийнетке жарамлы жастағылар ҳәм 10,0 проценти мийнетке жарамлы жастан үлкен болғанлардан ибарат.

 

Январь-июнь айларында Қарақалпақстанда 18,8 мың нәресте дүньяға келген болып (бунда тири туўылған нәрестелер есапқа алынған), сәйкес түрде мың адамға салыстырғанда туўылыў коэффициенти 19,4 промиллени қурады ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,8 промиллеге көбейгенлиги бақланды.

 

Соның менен бирге, атап өтилген дәўирде республикамызда 4,4 мың өлим жағдайы дизимге алынған болып, сәйкес түрде мың адамға салыстырғанда өлим коэффициенти 4,5 промиллени қураған ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 0,1 промиллеге көбейген.

 

Қайтыс болғанлардың:

 

56,6 проценти – қан айланыў системасы кеселликлеринен;

10,6 проценти – өсимтелерден;

6,0 проценти – бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан;

3,7 проценти – ас сиңириў органлары кеселликлеринен;

6,5 проценти – дем алыў органлары кеселликлеринен;

0,7 проценти – жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлерден;

15,9 проценти – басқа кеселликлерден өмирден көз жумған.

 

2022-жылдың январь-июнь айларында халықтың тәбийғый өсими 14,4 мың адамды қурап, 2021-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,8 мың адамға көбейгенлиги бақланған.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...