2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине қабыллаў бойынша magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өткен 10 мың 31 талабанның арзалары толық көрип шығылды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жәми қабыл етилген арзалар саны 5 мың 219 ды қурайды.
Соннан шет тили бойынша сертификатқа ийе талабанлар 4 мың 582 болса, 637 талабан таңлаўда қатнаспастан жеңилликке ийе болғанлар болып есапланады. Булар:
- мәмлекетлик стипендиатлар – 296;
- химия, биология ҳәм информатика бағдарлары бойынша жеңилликли диплом ийелери – 159;
- химия, биология, физика ҳәм информатика пән олимпиадаларының жеңимпазлары – 12;
- көззи әззилер категориясына киретуғын айрықша баҳаларға оқыған питкериўшилер – 170.
Талабанлар магистратураға қабыллаў нәтийжелерин magistr.edu.uz платформасындағы жеке кабинети арқалы билип алыўы мүмкин.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, быйыл магистратура қәнигеликлерине қабыллаў жаңа тәртипте, яғный талабанның шет тили бойынша сертификаты ҳәм оқыўы даўамында топлаған орташа балы көрсеткишлери тийкарында болып өтти.
Магистратураға быйылғы қабыллаў квотасында 16 мың 933 орын ажыратылған болып, көринип турғанындай қабыллаў квотасы толмады. Бул ҳүжжет тапсырған талабанлардың шет тили бойынша сертификатлары болмаўы менен байланыслы жағдай болып есапланады. Жаңа тәртип бойынша быйылдан баслап магистратураға қабыллаў бир жылда 2 мәрте әмелге асырылады, яғный январь айында бос орынларға және таңлаў болып өтеди.
Мәлим етилиўинше, өткен жылы магистратураға ҳүжжет тапсырғанлардың 768 инде шет тили бойынша сертификат болған болса, быйыл олардың саны 4 мың 582 ни қураған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.