Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.09.2022 16:00
  • 558

19-23-сентябрь күнлери күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди

 

Бүгин, 19-сентябрь күни ҳәм ҳәпте даўамында Өзбекстан бойлап турақлы температура фонында қурғақ ҳәм бираз жыллы ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

19-13-сентябрь күнлери аралығында ҳаўаның температурасы тийкарынан түнги ўақытларда 13-18 градус, күндиз 29-34 градус аралығында болады. Бул сентябрь айыны усы күнлери ушын орташа көп жыллық температура өлшемлеринен бираз жоқары болып табылады.

 

«Қарақалпақгидромет» ертең, 20-сентябрь күни республикамыз аймағында ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын күтилмейтуғынлығын, самалдың бағыты шығыстан болып, 8-13 метр/секунд тезлигинде есетуғынлығын мәлим етти.

 

Ҳаўаның температурасы:

Үстиртте түнде +10…+15 градус, күндиз +26…+31 градус;

Арқа районларда түнде +10…+15 градус, күндиз +26…+31 градус;

Арқа-шығыс ҳәм орайлық районларда түнде +11…+16 градус, күндиз +27…+32 градус;

Қубла районларда түнде +12…+17 градус, күндиз +28…+33 градус;

Пайтахтымыз Нөкис қаласында түнде +12…+14 градус, күндиз +30…+32 градус әтирапында жыллы болыўы күтиледи.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

    Негизинде, балалардың аязлаўы суўық яки жыллы ҳаўадан емес, ыссылықтан келип шығады, ҳәдден тыс ыссылық элементлер

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде