Telegram karinform

Сиясат

  • 21.09.2022 17:00
  • 856

Қазақстанда гезектен тыс президентлик сайлаўы 20-ноябрьде болып өтеди

 

Қазақстан Республикасы президенти Қасым-Жомарт Тоқаев республика халқына үндеў жоллады. Онда гезектен тыс президентлик сайлаўы усы жылдың 20-ноябрь күнине белгиленгенлиги мәлим етилди.

 

Сайлаўда әмелдеги президент Қасым-Жомарт Тоқаевтиң өзи де қатнасады.

 

«Мен мүддетинен алдын өткерилетуғын сайлаўларды 2022-жыл 20-ноябрьге белгилеў ҳаққындағы пәрманға қол қойдым. Тез арада жәмийетшиликке усынылатуғын сайлаў алды платформасында социаллық-экономикалық раўажланыўға ерисиўге бағдарланған жаңа басламалар белгилеп бериледи.

 

Мен әмелдеги мәмлекет басшысы сыпатында сайлаў алды үгит-нәсияты нызам ҳүжжетлерине қатаң әмел еткен ҳалда, әдил, ашық-айдын, жергиликли ҳәм халықаралық бақлаўшылардың кең көлемдеги қатнасыўында өткерилиўине кепиллик беремен.

 

Барлық азаматларымызды болса жуўапкершилик, демократия, нызам ҳәм тәртип принциплерине садық болыўға, елимиздиң бирлиги менен аўызбиршилигин көрсетиўге шақыраман», - деп айтып өткен Қазақстан президенти.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буннан алдын Қазақстан парламенти мәмлекет конституциясына Қазақстанда президентлик мүддетин 7 жыллық етип белгилеў, соның менен бирге, бир адамның еки мәрте усы лаўазымға талабан бола алмайтуғынлығы ҳаққындағы өзгерислер киргизилген еди.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.