Усы жылдың 25-27-сентябрь күнлери Өзбекстан аймағына Волгабойы аймақларынан салқын ҳәм бираз ығал ҳаўа кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.
25-сентябрьде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында, 26-27-сентябрь күнлери Өзбекстан бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, базы жерлерде шаң-тозаңлар бақланыўы күтилмекте.
25-26-сентябрьде Қарақалпақстан Республикасында, 27-сентябрьде Сурхандәрья ўәлаятында ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларында айырым жерлерде самалдың күшейиўи 21-23 м/с қа жетиўи мүмкин.
25-сентябрьде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында, 26-сентябрьде Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында, 27-сентябрьде Өзбекстанның таў алды ҳәм таўлы аймақларында базы жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Бийик таўларда (2500 метрден жоқарыда) жаўын қарға айланыўы мүмкин.
26-сентябрьде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында, 27-сентябрьде Өзбекстанның барлық аймақларында ҳаўаның температурасы түнде 10-13 градусқа, күндиз 22-25 градусқа шекем төменлейди.
Karinform.uz.