Telegram karinform

Сиясат

  • 26.09.2022 11:00
  • 656

Халықтың мүрәжатлары итибарда: Пуқаралар Жоқарғы Кеңес Баслығына тиккелей мүрәжат ете алыў имканиятына ийе болды

 

Усы жылдың 24-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен халықтың мүрәжатлары менен ислесиў мәселесине арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

 

Жоқарғы Кеңес мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, илажда мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, министрликлер, район ҳәкимликлери ҳәм жергиликли басқарыў уйымларына пуқаралар тәрепинен жолланып атырған мүрәжатлар, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, сондай-ақ, пуқаралар мүрәжатларына немқурайдылық пенен қатнас жасап атырған тараўлардың жумыслары сынға алынған.

 

 – «Ҳәмме нәрсе инсан қәдири ушын» принципи тийкарында кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылып атырған бүгинги күнде ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмаўы керек. Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар, - деп айтып өткен мәжилисте Аманбай Орынбаев.

 

 

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыллаў, олардың машқалаларын жеке өзиниң қадалаўына алыў мақсетинде Телеграм тармағында @joqargikenes_murajat_bot мәнзили, соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес қурамында Мүрәжатлар менен ислесиў бөлими, сондай-ақ, Атқарыў тәртибин қадағалаў бөлими шөлкемлестирилгенлиги атап өтилди.

 

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша пуқаралар ҳәм мәкеме-кәрханалар тәрепинен билдирилген ең жақсы усыныслар жыл жуўмағы бойынша сыйлықланатуғынлығын, сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиў бағдарында «Ең белсенди мәмлекетлик уйым», «Ең белсенди сектор», «Ең белсенди мәҳәлле» номинациялары бойынша таңлаў жәрияланатуғынлығы, жыл жуўмағында таңлаў нәтийжелери бойынша жоқары көрсеткишлерге ерискен тараўлар хошаметленетуғынлын мәлим етти.

 

25-сентябрь күни пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў бағында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы өткерилип, онда пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды ҳәм оларды шешиў бойынша тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилди.

 

 

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде