Telegram karinform

Экономика

  • 29.09.2022 19:00
  • 691

Субсидия тийкарында алынған үй-жай кредити ушын ажыратылған қаржыдан дәрамат салығы алынбайды

 

   

                                                              Фото:uzа.uz

 

  Усы жылдың 22-сентябрь сәнесинде «Ипотека кредитинен пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў ис-ылажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ–377-санлы) қабыл етилди. Қарарға муўапық, 2023-жыл 1-январьдан үй-жай ушын субсидия берилген пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлери ушын бағдарланған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары дәрамат салығына тартылмайды.

  Бул жеңиллик қарыз алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 80 есесинен аспаған бөлегине енгизиледи.

  2023-жылдан ипотека кредитине алынған мал-мүлк алынған сәнеден 36 ай ишинде қайта сатылса, кредит ҳәм процентлер ушын бағдарланған дәрамат салыққа тартылады. 2022-жыл 1-ноябрьден «коробка» ҳалатындағы үй-жайлар ушын ипотека кредитлери ҳәм субсидия ажыратыўға руқсат бериледи. Қарар менен 2021-жылда берилген субсидия ажыратыў ҳаққындағы хабарлардың әмел етиў мүддети 2022-жыл 31-декабрьге шекем узайтырылады.

  «Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компанияси» АЖне  банклер тәрепинен халыққа берилген ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыў ушын 3 жыл мүддетке 12% ставкада ҳәм процент төлемлерин ҳәр 6 айда төлеў шәрти менен 300 млрд сумға шекем бюджет ссудасы ажыратылады.

  Үй-жайлар ҳәм ипотека кредитин алыўда пуқараларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде ўәлаятлар орайларында ипотека орайлары шөлкемлестириледи.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған