Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.10.2022 13:00
  • 540

Ҳәпте даўамында қандай ҳаўа райы бақланады? Өзгидромет мағлыўмат берди

 

Бүгин Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде қурғақ ҳаўа райы болыўы күтилмекте, тек ғана орайлық ҳәм шығыс аймақларда фронт кирип келиўинде бираз турақсызлық бақланады. Ташкент, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында, сондай-ақ, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында айырым жерлерде жаўын жаўыўы күтилмекте. Ферғана ойпаты ўәлаятларында кешке қарай бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы күндиз 24-26 градусқа шекем көтериледи.

 

4-октябрьден 7-октябрьге шекемги болған кейинги күнлерде ҳаўа райын антициклонның түслик-батыс перифериясы белгилейди.

 

5-октябрьде антициклон перифериясының күшейиўи есабынан түсликте ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде самал шаң-тозаңлар менен 15-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

 

Ҳаўаның температурасы 4-6-октябрьде түнде 8-13 градус, күндиз 21-26 градус, 7-октябрьде 23-28 градус әтирапында болады.

 

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

Электросет ток өшиўи ҳаққында алдыннан хабар бериўи керек

Электросет ток өшиўи ҳаққында алдыннан хабар бериўи керек

    Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 31-майдағы 319-санлы қарарына тийкарланып, аймақлық электр кәрханалары электр тармағы хожалығы объектлериниң режели