Соңғы ўақытларда республикамызда халқымыздың жәмийетлик транспортларға болған талабы бирқанша артып, азанғы, түски ҳәм кешки ўақытларда жәмийетлик транспортлардың жетиспеўшилиги, сондай-ақ, айырым жөнелислерде жол ҳақы баҳаларының өз басымшалық пенен көтерип жиберилиўи, бул болса оқыўға ямаса жумысқа баратуғын жолаўшылардың кескин наразылығына себеп болып атырғаны ҳеш кимге де сыр емес.
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, пуқаралар тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң мүрәжатлар боты, соның менен бирге, социаллық тармақлар арқалы усы мәселе бойынша көплеген наразылықлар билдирилмекте.
«Ҳәр бир жөнелисте жолаўшы тасыўшы транспортлар жетерли дәрежеде. Бундай жағдайлардың ушырасыўы ҳәзирги күнде пахта жыйын-терими мапазында жолаўшы тасыўшы автобуслардың пахта теримине теримшилерди апарып-алып келиўине бириктирилген. Усыған байланыслы азанғы ҳәм кешки ўақытлары автобуслардың жетиспеўшилик жағдайлары келип шықпақта. Буннан алдын жолаўшылардың көпшилик бөлеги автобуслар арқалы өз мәнзиллерине жеткерилиўи тәмийинленген еди», - деп түсиник берип өтти министрлик мәлимлеме хызмети.
Мәлим етилиўинше, жәмийетлик транспортлар жетиспеўшилигиниң алдын алыў бойынша жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы кәрхана басшылары менен ушырасыў өткерилип, қосымша транспортларды жолға қойыў, кешки ўақытлары жол ҳақы баҳаларын қадағалап барыў бойынша қатаң тапсырмалар ҳәм ескертиўлер берилди.
Karinform.uz.