Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Салық кодексиниң 100-статьясына муўапық, салық төлеўшилерге салықларды төлеўди кешиктириў ямаса бөлип төлеў имканияты бериледи.
Бундай имканияттан төмендеги тийкарлардың бири болғанда пайдаланыў мүмкин:
– салық төлеўшиге тәбийғый апатшылық, технологиялық авария ямаса басқа сапластырып болмайтуғын жағдайлар ақыбетинде зыян жеткерилгенлиги;
– салық төлеўшини бюджеттен қаржыландырыў кешиктирилгенлиги ямаса мәмлекетлик зәрүрлик ушын орынланған жумыслар ҳақысын төлеў кешиктирилгенлиги;
– салықты толық бир төлеў нәтийжесинде оның банкротлық белгилери пайда болыў қәўпи жүзеге келгенлиги;
– жумысларын 3 жылдан көп болған дәўирден берли әмелге асырып атырғанлығы және есапланған салықларды өз ўақтында төлеп келгенлиги, бирақ финанслық жағдайына муўапық салық қарызын белгиленген мүддетлерде төлеў имканиятына ийе болмағанлығы;
– исбилерменлер салық төлеўди кешиктириў ҳаққындағы хабарландырыўды жер, имаратлар ҳәм объектлерге болған мүлк ҳуқықының мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды 3 ай ишинде салық уйымларына жиберген болса;
– физикалық тәрептиң мүлк жағдайы салықты толық бир төлеў имканиятын бермеген жағдайда;
– товарлар ямаса хызметлерди ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў мәўсимлик өзгешеликке ийе екенлиги;
– Өзбекстанның бажыхана шегарасы арқалы товарлар алып өтилиўи мүнәсибети менен бажыхана ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген төлениўи керек болған салықларды төлеўди кешиктириў ямаса бөлип төлеў имканиятын бериў ушын тийкарлар болыўы.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Салық кодексиниң 423- ҳәм 440-статьяларына муўапық, фиизкалық тәреплер мүлк ҳәм жер салығын 15-апрельге ҳәм 15-октябрьге шекем тең үлеслерде төлеўи керек.
Мүлк ҳәм жер салығын салық мобиль қосымшасы арқалы, сондай-ақ, салық уйымлары және бөлимлерине барған ҳалда төлеў имканияты бар.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.