Telegram karinform

Мақала

  • 07.10.2022 22:00
  • 1504

Физикалық имканияты шекленбегенлер ушын өмир бәндиргиси

  Өмир - бул басып өткен жолымыз, тарыйхымыз, ертеңги киятырған нурлы келешегимиз ҳәм имканиятларға толы бүгинги күнимиз. Жаратыўшымыз инсанға «өмир» атлы саўғаны сыйлайды. Ол бизге мисли бир жазылмаған аппақ бетли китап болып келиўи де мүмкин.

  Өмир атлы жолдың бәндиргисинде турман. Ҳәр тәрепке қатнаўшы поездлар мәнзиллерине асыққан. Лекин, бир поезд жолаўшыларын күтип узақ ўақыттан берли турыпты. Тилекке қарсы, буған ҳешбир адам минип атырғанлығына көзим түспеди. Оның есигине «Биреўди көрип пикир етесең, биреўди көрип шүкир етесең» - деп аталған мәмлекетке алып баратуғынлығы жазып қойылған. Бул сөзлер мени усы мәмлекетке саяхатқа барыўға ийтермеледи. Кассадан билет алып поездға отырдым...

  Арадан бираз ўақыт өтти ҳәм мен өз гөзлеген мәнзилиме жетип келдим. Бийтаныс жерлер. Шаўқымлы. Жағымлы жипек самал есип тур. Инсанды өзине тартатуғын гөззал тәбияты, бийик имаратлары бар екен. Жане машиналар зымырап өтип турған жол үстинен салынған бийик көпир, жолаўшылар ушын арналған пиядалар жолы салынған. Қызық бул жерде физикалық имканияты шекленген адамларға да итибар қай дәрежеде екен. Усыны сынап көрмекши болдым ҳәм усылай жол туттым:

  Қолыма ҳасса таяғын алып, аяғымды ақсаңлатып басып жер асты жолынан жүрип көриўге қарар еттим. Төменге түстим. Тар жол адам жүда көп, тығылыс. Кимдур жанымызда «Beeline номерлер бар бесплатно» десе, кимдур «Сайлағаның 20 мың сўмнан арзан футболкалар бар» - деп даўысын көтерип өз товарларын мақтап сатып атыр. Бир тәрептен алып қарасаң жер асты жолына емес бизнес-саўда орайында жүргендей боласаң. Заманагөй тилде «тунел» деп аталады екен усы орын.

  Изимнен биреў тез-тез жүрсе деп бақырып жиберди. Үстимнен муздай суў қуйылғандай болды. Үндемей кетебердим. Сол ўақытта жанымнан бир киси кийимлер салынған үлкен қалтаны арқалап өтти. Күтилмегенде қалтаның бир мушы билқастан тийип кетти ҳәм аяғым тайып жерге жығылып түстим. Ҳәмме итибарсыз мәнзиллерине асығып кетеберди. Маған биреў қайрылып та қарамады. Ең қызығы мен ол жерден расы менен ҳассаға сүйенип шықтым. (Жығылған ўақтымда аяғыма зақым келген бе бассам азары күшейип аўырғанлығы себепли). Демек, адамлар бир-бирине деген ҳүрмет-сыйласық, меҳир-муҳаббат деген сезим-туйғыларын жүрек төрлерине жерлеген екен деген ой өтти. Мен болса нәўбеттеги меҳр-муҳаббат бәндиргисине жетиў ушын өз поездымды күтип бәндиргиде отырып қалдым.

 

Айсара Пирназарова

 

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...