Бурынғы аўқам дәўиринде Қарақалпақстанда мәмлекетик басшылар, жумысшылар, руўхый-ағартыўшылық жолында пидайылық көрсеткен қарақалпақ халқының бирнеше мыңлаған әжайып перзентлери жазықсыз қурбан болды. Олардың пәк денелери өз ана жериниң топырағынан узақта, алыс жерлердеги төбешиклер менен сайларда белгисиз қалып кетти.
Халқымыз өз перзентлеринен айрылып, аўыр азап шегип, көзлери қанлы жасқа толып, қайғылы ўақыяларды басынан кеширди. Усындай қайғылы күнлердиң бири 1938-жыл 13-октябрь халқымыздың тарийхында «қанлы процесс күни» деп аталады. Усы сәнедеги суд процесиниң жуўмағында қарақалпақ халқының зиялы перзентлеринен Көптилеў Нурмухамедов, Қасым Әўезов, Әбиў Қудабаев, Алланазар Пирназаров, Өтенияз Бекимбетов, Оразымбет Дилманов, Қазақбай Алламбергенов, Турдымурат Низаматдинов, Сейит Төреев, Пиримбет Төреев, Халмурат Темирханов, Сабыр Қылышев, Алланияз Айтешов, Исметулла Бекбаўлиевлер бийгүнә қурбан болды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлектлик университети ректораты, Тарийх факультети ҳәм Репрессия қурбанларын еслеў музейи хызметкерлери басламасы менен 1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди.
Илажға Тарийх ҳәм Юридика факультети студентлери, тарийхшы устазлар, музей хызметкерлери қатнасты. Илажды музей директоры А.Қудияров алып барды. Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы профессоры Бахыт Қощанов репрессия сиясаты себепли қарақалпақ халқы алдынғы қатардағы зиялыларынан айырылғанлығы, әсиресе, бул ўақыялардың қарақалпақ миллий кадрларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына унамсыз тәсир еткенлиги, мәмлекетлик басқарыўда жергиликли кәнигелердиң жетиспеўшилиги ақыбетинде рус қәнигелериниң республикамызды басқарыўы ҳаққында айтып өтти.
Буннан соң Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты үлкен илимий хызметкери, тарийх илимлериниң докторы Сабит Нуржанов баспасөз материаллары тийкарында 1934-1938-жыллардағы репрессиялық сиясаттың барысы, 1938-жыл 13-октябрьге шекемги репрессиялық сиясат жобаларының ислеп шығылыў барысы, бул жобалардың ҳәдден тыс орынланыўы ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берип өтти.
Ушырасыў барысында студентлер Репрессия қурбанларын еслеў музейиниң жаңа экспозициясы менен танысты ҳәм өзлерин қызықтырған сораўлары арқалы усы дәўир тарийхы ҳаққында жаңа мағлыўматлар алыўға еристи.
Илаж соңында репрессия дәўири тарийхы бойынша үлкен илимий изертлеўлер алып барған белгили тарийхшы Баҳаўаддин Алланиязовтың алдағы ўақытларда 13-октябрьди «Қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн» ретинде кең түрде белгилеў усынысы бир аўыздан мақулланды.
Бундай илажлар сол дәўирдеги тарийхый ўақыяларды тереңирек билиў ҳәм дурыс баҳа бериў, халқымыздың зиялы перзентлериниң атын мәңгилестириў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе деп есаплаймыз.
Аңсатбай Алимбетов,
Бердақ атындағы ҚМУ қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейиниң хызметкери.
Karinform.uz.