«Камера алдындағы өлим»… «Қара қус ҳәм қыз»… «Судандағы ашлық»…
1993-жыл 26-март сәнесинде «The New York Times» газетасында жәрияланған бул фотосүўрет усындай бирнеше атлар менен аталады.
1993-жыл 25-март
Бул сүўреттиң авторы Кевин Картер 1960-жылы 13-сентябрьде Қубла Африканың Йоханнесбург қаласында туўылған. Ол 1990-жыллардағы Қубла Африкадағы Bang-Bang Club фотографлар топарының ағзасы болған. 1993-жылы 25-март сәнесинде алынған фотосүўрет Картерге үлкен жетискенлик алып келеди.
Кевин Картер
Кевин Картер Судандағы ғалаба ашлықты сүўретке алыў мақсетинде БМШ менен биргеликте фотограф кәсиплеси Жоао Сильве менен Суданға барады. Кевин Суданның Айод аўылындағы жағдайды сүўретке түсирип атырған ўақытта ол ашлықтан өлип атырған кишкене қызды ҳәм сол қыздың өлимин күтип атырған қара қусты көрип қалады. Бундай көринисти фотограф кадрға мөрлеў ушын сүўретке түсиреди ҳәм соңынан қусты ушырып жиберип, өзи ўақыя орнынан кетип қалады. Әжайып сүўретти алғанлығына кеўли толып, достысына көрсетип мақтанады. Кадрды көрген достысы да бул көринисти өзи сүўретке алыўды қәлеп, сол орынға алып барыўын сорағанда, Кевин қусты ушырып жибергенлигин айтады. Бул ўақытта қыздың ата-анасы гуманитар жәрдем алыў ушын қызды ярым саатларға жалғыз қалдырған еди.
Кевин Картер тәрепинeн түсирилген сүўрет
Фотосүўрет «The New York Times» газетасы тәрерпинен сатып алынады ҳәм ертеңине газетада жәрияланып, жәмийетшиликте үлкен резонанс оятады. Картер ҒХҚның ҳүжимлер объектине айланады ҳәм адамгершиликсизликте айыпланады.
Сол ўақытта «St. Petersburg Times» газетасы фотограф ҳәм ўақыя ҳаққында былай жазады:
«Өлим менен гүресип атырған нәрестени әўметли кадрға алыў ушын объективин сазлаған адам да – жыртқыш, және бир қара қус…».
Бул сүўрет 1994-жылы Пулицер сыйлығының көркем фотография тараўы бойынша ең жақсы сүўрет сыпатында таңланып, Кевин жеңимпаз деп табылады.
Кевин Картер тәрепинeн түсирилген сүўрет
Картер сыйлықты алғаннан соң 4 айдан кейин 1994-жылы 27-июль күни 33 жасында өз жанына қас етеди. Фотограф өлими алдынан төмендеги мазмунда хат қалдырады:
«Түскинликке түстим... Телефон өширилди... Кирейге пул жоқ... Балаларға пул жоқ... Төлеўге пул жоқ... ПУЛ!!! Мени өлим, өликлер, ғәзеп ҳәм аўырыўлар... аш ҳәм жарақатланған балалар ҳаққындағы еслеўлер қыйнайды. Несип етсе, Кен (фотограф достысы) менен ушырасаман...»
Мағлыўматларға қарағанда бул сүўреттеги негизинде қыз емес, Конг Ньонг атлы ул бала болып, сол ўақытта БМШның азық-аўқат пункты тәрепинен балаға ғамхорлық етилгенлиги ҳәм ол 2008-жылы дүньядан өткенлиги ҳаққында хабарланған.
Кевин Картер
Бул мағлыўматты Мери Нялуак деген ҳаял да мақуллаған. Оның айтыўына қарағанда, бул сүўреттеги қыз емес, ал Конг Ньонг атлы ул бала болып, ол аўылдан бираз узақлаўда жасаған. Бала сол ўақытта ашлықтан қутылып қалған ҳәм 2007-жылы «температура»дан өлгенлигин тастыйықлайды. Басқа дәреклерде болса, оның безгектен өлгенлиги келтирип өтилген.
Кейинирек фотографтың атын ақлаў мақсетинде режиссёрлар тәрепинен бирнеше кинофильмлер сүўретке алынады.
Сахибжамал Есемуратова,
Karinform.uz
Видеоны Karinform.uz сайты ушын арнаўлы таярлаған ҚМУ Журналистика бағдарының 1-курс студенти Бабур Реймбаев