Хабарыңыз бар, Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен 2022-жылдың 3-7-октябрь күнлери 2022-2023-оқыў жылы ушын профессионал билимлендириў мәкемелерине (колледж ҳәм техникумларға) кириў тест сынақлары өткерилди.
Бунда талабанлардың тест сынағында топлаған баллары тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине my.dtm.uz сайтында жәрияланып барылды.
Бүгин, 15-октябрь күни болса усы тест сынағының жуўмақлаўшы таңлаў нәтийжелери жәрияланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.
Талабанлар таңлаў нәтийжелерин my.dtm.uz сайты арқалы жеке кабинетинен билип алыўы мүмкин.
Сондай-ақ, тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриент ямаса оның ата-анасы яки болмаса олардың орнын басатуғын адамлар (қәўендерлер) еки күн даўамында профессионал билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген апелляция комиссиясына жазба ямаса электрон формада апелляциялық арза бериў ҳуқықына ийе.
Бунда апелляциялық арза қабыл етилгени ҳаққында абитуриентке хабарландырыў бериледи.
Апелляциялық арзаны берген абитуриент хабарландырыўда белгиленген күни өзиниң паспорты (туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы) ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўи шәрт.
Апелляциялық арза еки жумыс күнинде апелляция комиссиясы тәрепинен абитуриенттиң жазба жуўаплары тийкарында көрип шығылады.
Karinform.uz.