Telegram karinform

Спорт

  • 23.10.2022 20:00
  • 966

Республикамызда биринши мәрте паралимпия жарысы өткерилди

 

2022-жылдың 21-октябрь күни Нөкис қаласында Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң балалар жүзиў бассейнинде биринши мәрте  спорттың Пара жүзиў түри бойынша ер балалар хәм қыз балалар ортасында Қарақалпақстан Республикасы Кубогы өткерилди.

 

Оған Нөкис қаласы ҳәм басқа да районлардан спортшылар қатнасты. Жарыс қызғын ҳәм бәсекиге толы болды. Онда түрли жас категориялары бойынша қызлар арасында Абиллаева Шахзада, Қалилаева Турсынай, Реймова Асель, Ережепбаева Шахнозалар сыйлы биринши орынды ийеледи. Ал, ер балалар арасында Жанназаров Азимжан, Реймбаев Ринат, Шаниязов Айтуўған, Реймов Гафур, Худияров Саламатлар сыйлы биринши орынға мүнәсип деп табылды. Спортшыларды тренер Азамат Ильясов ҳәм Әдилбек Кеңесбаевлар таярлады.

 

 

Жарыс республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби, Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий Паралимпия комитети Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен шөлкемлестирилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, суў спорты түри бойынша паралимпия жарысы Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилмекте. Бундай жарыслар физикалық имканияты шекленген инсанларға өзлерин спорт тараўында сынап көриўине және бир имканият есигин ашады.

 

Шахноза-Бану Абдуллаева,

Karinform.uz

 

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған