Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.11.2022 16:00
  • 498

«USAID» Арал теңизи аймағында шөллениўдиң унамсыз ақыбетлери менен гүресиў мақсетинде 1,6 миллион доллар ажыратты

 

Усы жылдың 10-ноябрь күни АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) Арал теңизи аймағында шөллениўдиң унамсыз ақыбетлери менен гүресиў мақсетинде 1,6 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратқанын мәлим етти. Бул ҳаққында «UzReport» мәлимлеме агентлиги хабар берди.

 

Бул баслама Арал теңизиниң қурыған ултанында экосистемаларды қайта тиклеў (ERAS II) жойбарының екинши басқышы шеңберинде әмелге асырылып, Арал теңизиниң Өзбекстандағы бөлиминде жаңа тоғайлықларды пайда етиў арқалы аймақта ҳаўаның сапасы және жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм климатлық өзгерислерге шыдамлылықты арттырыўға бағдарланады. Бул Арал теңизиниң арқа бөлими есапланатуғын Қазақстан аймағында алдын басланған жойбар шеңберинде алып барылып атырған жумыслардың логикалық даўамы болып табылады. «USAID», сондай-ақ, Аралбойы аймағында жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм экосистемаларды тиклеўге көмеклесиў мақсетинде еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдем береди.

 

Бул жойбар 2022-жылдағы БМШның климат өзгериўи бойынша конференциясында (COP27) жәрияланған АҚШ ҳүкиметиниң тәбиятқа тийкарланған шешимлер бойынша жол картасын қоллап-қуўатлайды. Оның мақсети климат өзгериўине қарсы гүресиўдиң тийкарғы усылы сыпатында тәбийғый шешимлерди алға сүриў ҳәм АҚШтың климатлық мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўден ибарат.

 

Аралбойы аймағында көклемзарластырыў жумысларынан тысқары, «USAID» егинлерди егиў ҳәм оларды суўғарыўда инновациялық технологияларды қолланыў бойынша излениўлер алып барыў және нәтийжелерин ен жайдырыўды да қоллап-қуўатлайды. Қазақстан да, Өзбекстан да Арал теңизи машқаласының унамсыз ақыбетлерин жумсартыў бойынша ис-ҳәрекетлерин бирлестириў ҳәм тәжирийбе алмасыўды қоллап-қуўатлайтуғынлығын мәлим еткен.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Universitette ılaj bolıp ótti

Universitette ılaj bolıp ótti

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир