Telegram karinform

Сиясат

  • 24.12.2022 14:00
  • 668

Өзбекстанда министрликлер қурамына жаңа өзгерислер енгизилмекте

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2023-жыл 1-январьдан Министрлер Кабинети ағзасы болған атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының Министрлер Кабинетиниң қурамлық структураларынан еркин түрде Бас министр менен тиккелей ислесиў системасы енгизиледи.

 

Пәрман тийкарында, Министрлер Кабинети атқарыўшы структурасында экономика ҳәм социаллық тараўлар бойынша секретариатлар, департаментлер ҳәм олардың жанындағы бөлимлер, сондай-ақ, Мәдений мийрасты қорғаў инспекциясы, Әскерийлестирилген структуралардың жумысларын қаржылай ҳәм материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў бөлими, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў мәселелери бөлими сапластырылды.

 

Сондай-ақ, 2023-жыл 1-январьдан еркин түрде жумыс алып баратуғын республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының саны 61 ден 28 ге шекем, соның ишинде, министрликлердиң саны 25 тен 21 ге шекем қысқартылады.

 

Солай етип, Министрлер Кабинети системасын төмендеги министрликлер қурайды:

 

– Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги;

– Экономика ҳәм қаржы министрлиги;

– Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги;

– Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги;

– Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги;

– Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги;

– Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги;

– Тәбият ресурслары министрлиги;

– Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги;

– Аўыл хожалығы министрлиги;

– Суў хожалығы министрлиги;

– Санлы технологиялар министрлиги;

– Әдиллик министрлиги;

– Транспорт министрлиги;

– Мәденият ҳәм туризм министрлиги;

– Қорғаныў министрлиги;

– Энергетика министрлиги;

– Денсаўлықты сақлаў министрлиги;

– Сыртқы ислер министрлиги;

– Ишки ислер министрлиги;

– Айрықша жағдайлар министрлиги.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

    Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

    2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети