Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.12.2022 15:00
  • 704

Жаңа жыл байрамындағы ҳәм 2023-жылдағы қосымша дем алыс күнлери мәлим болды

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2023-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

 

Пәрманға муўапық, Жаңа жыл байрамында жумыс ҳәптесиниң даўамлылығына қарамастан барлық хызметкерлер избе-из 4 күн дем алады.

 

31-декабрь – шемби (Президенттиң өткен жылдағы пәрманы тийкарында 6 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни);

 

1-январь – екшемби (Жаңа жыл байрамы);

 

2-январь – дүйшемби (жумыс ҳәптесине қарамастан ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни);

 

3-январь – шийшемби (6 күнликлер ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнликлер ушын 7-январь – шемби күнинен көширилген дем алыс күни).

 

Сондай-ақ, пәрман тийкарында 2023-жыл даўамында:

 

Жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан:

 

30-июнь – жума;

 

6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын:

 

20-март – дүйшемби;

22-март – сәршемби;

24-апрель – дүйшемби;

1-июль – шемби;

2-сентябрь – шемби;

30-декабрь – шемби күнлери қосымша дем алыс күнлери етип белгиленди.

 

5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күнлери төмендеги тәртипте көшириледи:

 

11-март – шемби күнинен 20-март – дүйшемби күнине;

25-март – шемби күнинен 22-март – сәршемби күнине;

29-апрель – шемби күнинен 24-апрель – дүйшемби күнине.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында