Telegram karinform

Мәденият

  • 09.01.2023 18:00
  • 2830

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

 

«Facebook» социаллық тармағының қарақалпақ сегментинде өзиниң тарийх, этнография, мәденият ҳәм көркем өнер ҳаққындағы топлаған материаллары, мағлыўматлары менен көпшиликке кеңнен таныс болып үлгерген Адил Худайбергенов 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаўды усыныс етпекте.

 

«Жүўери гүртикти көбинесе өзимизден басқалар биле бермейди. Соның ушын усы тағамды еле де танымалы етиў ушын бир күнди «Жүўери гүртик күни» деп белгилеп, ҳәр жылы белгилесек, усы тағам ҳаққында тармақларда пост қойып бөлиссек, бәлким жүўери гүртик те пицца, суши уқсап белгили болып кетип, қарақалпақ асханасы ҳаққында басқа да еллерде мағлыўматқа ийе болған болар еди», - деп жазды Адил Худайбергенов.

 

Оның бул басламасы тармақ пайдаланыўшылары тәрепинен қоллап-қуўатланып, өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

 

Усынысы көпшиликтиң унамлы пикирлери менен күтип алынған және қоллап-қуўатланған Адил Худайбергенов 25-февральды «Жүўери гүртик күни» деп жәриялап, илажы болғанынша елимизде ҳәм сырт еллерде жасап атырған қарақалпақ шаңарақларында усы күни жүўери гүртик таярлап, миллий тағамымызды танымалы етиў ушын тармақларда тағам ҳаққында мағлыўматлар, фото ҳәм видеоматериаллар жәриялап, сол күни барлық музейлерде келген мийманларға жүўери гүртик ҳаққында мағлыўматлар берилип, художниклердиң көргизбелери, китапханаларда балалар, қызығыўшылар қатнасыўында ушырасыўлар өткериўди усыныс етти.

 

 

Адил Худайбергеновтың басламасы тармақтың қарақалпақ сегментинде жоқары дәрежедеги қоллап-қуўатлаў менен күтип алынды ҳәм көплеген унамлы пикирлер билдирилди.

 

Пикир билдириўшилердиң бири 500 килограммлық жүўери гүртик писирип, халыққа тарқатыў кереклигин жазған болса, сырт еллерде оқып, жумыс ислеп жүрген жерлеслеримиз бирлесип, аўылдан керекли азық-аўқатлық затларды алдырып, сол күни жыйналысып, биргеликте белгилеўин жазып өтти.

 

Сондай-ақ, бул баслама Қазақстан ҳәм Қырғызстан Республикаларынан болған туўысқан халықлардың ўәкиллери тәрепинен де қоллап-қуўатланып, пикирлер билдирилди.

 

Қырғызстанлы тармақ пайдаланыўшысы Жаннат Усупбаева қырғызларда кең жәмийетшиликтиң усыныслары менен 5-март сәнесин «Ақ қалпақ күни» деп жәриялап, байрам сыпатында белгилеў дәстүрге айланғанын, қарақалпақ халқының миллий тағамы «Жүўери гүртик күни»н белгилеў жақсы идея екенлигин жазды.

 

 

Солай етип, жәмийетлик баслама менен быйылдан баслап 25-февральды миллий тағамымыз «Жүўери гүртик күни» деп жәриялаў ҳәм оны халқымыз арасында кең түрде белгилеў усынысы мақулланды.

 

«Karinform.uz» сайты жәмәәти де бул басламаны толық қоллап-қуўатлап, миллий тағымымыз ҳаққында материаллар таярлап, жәмийетлик басламаға белсене қатнасыўға ҳәрекет етеди!

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz сайтының редакторы.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында