Telegram karinform

Спорт

  • 20.12.2017 17:53
  • 2347

Футбол дербилери қандай гүреслер нәтийжесинде келип шыққан? (3-бөлим)

«Old firm» ямаса «Гөне фирма дербиси»



Шотландияның «Сельтик» ҳәм «Рейнджерс» клублары арасындағы бәсекиниң тарийхы XVI әсирдеги болған тарийхый ўақыяларға барып тақалады. Узақ ўақытқа созылған сиясий гүрес нәтийжесинде Шотландияда католицизмди ен жайдырыўға тыйым салынып, оны нызамсыз деп есаплады. Арадан бирнеше әсир өтеди. Жүргизилген идеология өз нәтийжесин берип, шотландиялылар толығы менен протестантизмге өтеди. Бирақ, XIX әсирдиң ортасында Ирландияда ашлық болып, қыйналып қалған ирландиялылар Шотландияға көше баслаған. Дәслеп буған жергиликли халықлар оншелли дыққат аўдармай келген. Қарсылықларға ушырамаған ирландиялылар Глазго қаласының шығыс тәрепине орналасып, үлкен диаспора қурады. Көшип келиўшилер санының кем-кемнен артып барыўы ҳәм олардың өз елине қайтыў ойының жоқлығы шотландлардың ашыўын келтире баслайды. Бирақ, бул ўақта кеш болған еди, өйткени, ирландиялылар қалада биротала турақлы орналасып алған еди. Усы ўақытта миллетлер арасында соқлығысыўлар келип шыға баслайды. Ески жара жаңарып, қарама-қарсылықларға протестантизм ҳәм католицизм себепши болады. Усы тарийхый ўақыялар тийкарында протестантлар Глазгода «Рейнджерс» клубын шөлкемлестиреди. Арадан жыллар өтип ирландиялы католиклер «Сельтик» командасына тийкар салады. Усылайынша миллетлер менен диний ағымлар арасындағы қарама-қарсылық футбол майданына көшеди. Еки тәрептиң бир-бирине деген өшпенлилиги соншелли, базда ықласбентлер спорт мәдениятын умытып, шегинен шығып та кетеди. Мәселен, елеге шекем «Рейнджерс» фанатлары дерби ўақтында ашлық жылларын еске салатуғын қосықлар айтып, ирландиялыларды кемситиўге ҳәрекет етсе, «Сельтик» фанатлары ойын ўақтында Шотландияның емес, Ирландияның үш жолақлы байрағын желбиретип, шотландиялылардың ашыўына тийеди. Ал еки команда да өз қатарына қарсылас тәрептиң диний ағымына исенетуғын ойыншыларды алмаўға ҳәрекет ететуғыны да өз алдына бир гүрриң. Командалар бир-бирине қарсы 407 ойын өткерген. Оның 159 ойынында «Рейнджерс», 150 ойынында «Сельтик» клубы жеңиске ерискен. Қалған 98 ойында командалардың күши тең келген.

«Суперклассико дербиси»



Европада емес, Қубла Америкада болып өтетуғын бул дерби The Guardian басылымының «Дүньядан өтпестен бурын көриў керек болған дүньяның 50 спорт беллесиўи» атлы мақаласында биринши орында көрсетилген. Усы басылым Аргентина пайтахты Буэнос-Айрес қаласынан шыққан еки клуб – «Бока Хуниорс» ҳәм «Ривер Плейт» клублары арасындағы бәсекини сыпатылай отырып: «Буэнос-Айрестеги дербидиң қасында «Гөне фирма дербиси» оқыўшылардың ойыны менен тең», - деп жазған еди. Усы тәрийптен-ақ бул дербидиң қандай екенлигин билиў мүмкин. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, бул комондалар арасындағы ойынды Аргентина халқының 70% ти тамашалайды екен. Еки клуб та Буэнос-Айрестиң Ла-Бока атлы әпиўайы районында дүзилген. Олар арасындағы қарсылық та усы районнан басланған. Еки клуб басшылары өз ара сөйлесип, Ла-Бокада тек ғана бир клуб қалыўы керек деген жуўмаққа келеди. Кимниң қалып, кимниң кететуғынлығын өз ара ойынға қалдырады. Нәтийжеде «Ривер Плейт» бул беллесиўде жеңилип, қаланың арқа тәрепине көшиўге мәжбүр болады. Қубла ҳәм арқа аймақлар социаллық жақтан ҳәр қыйлы болғанлықтан дәслебинде «Бока Хуниорс»ты кәмбағаллар, «Ривер Плейт»ти байлар қоллап-қуўатлайды деген түсиник қәлиплескен. Бирақ, бүгинги күнде олай емес. «Бока Хуниорс» ҳәм «Ривер Плейт» арасындағы усы ўақытқа шекем болған 242 ойында 86 мәрте «Бока», 78 мәрте «Ривер» жеңиске ерискен. 78 ойын тең нәтийже менен жуўмақланған.
Дүньяда булардан басқа да бирнеше дербилер бар – «Қурғақлықлар аралық дерби» ямаса «Стамбул дербиси», «Москваның баслы дербиси», «Манчестер дербиси», «Арқа Лондон дербиси», «Турин дербиси» ҳәм т.б. Олардың ҳәр қайсысы өз алдына қызықлы, өз алдына қәлиплесиў тарийхы ҳәм дәстүрлери бар. Жоқарыда келтирип өтилген дербилерди көрип отырып, футбол – тек ғана ойын емес, деген жуўмаққа келемиз. Сол себепли де бул ойын – миллионлар ойыны.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге