Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.01.2023 15:00
  • 3858

Билимлендириў орынларында дем алыс узайтылады, жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсациялар бериледи – Жоқарғы Кеңес

 

Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында ҳаўа райының ҳәдден тыс суўып кетиўине байланыслы газ тармақларына басым күшейиўи себепли авариялық жағдайлар жүзеге келмекте.  

 

Соның менен бирге, мәмлекетимиз бойынша тутыныўшылар тәрепинен тәбийғый газге болған тутыныў көлеминиң артыўы нәтийжесинде жетиспеўшилик бақланбақта.

Усы сынаўлы күнлерде халқымызды турақлы газ бенен тәмийинлеў баслы ўазыйпа болып қалмақта.

 

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен төмендегилер әмелге асырылады:

 

Жағдай нормал ҳалатқа қайтқанға шекем айрықша жағдайларға жуўап бериў бойынша оператив ШТАБ шөлкемлестирилди.

 

Барлық автомобильлерге газ толтырыў компрессор станциялары (метан заправкалары) ҳәм улыўмалық аўқатланыў орынларына газ жеткерип берилиўи тоқтатылады.

 

Барлық жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билим бериў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дем алыс күнлери 16-январьға шекем узайтылады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен халқымыздың күнделикли жәмийетлик транспортларға талабын қанаатландырыў ҳәм турақлы транспорт хызметин шөлкемлестириў мақсетинде жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсация пуллары төлеп бериледи.

 

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен шешим қабыл етилди.

 

Оған бола, жәмийетлик транспортта хызмет көрсетиўши кәрханаларға газ орнына АИ-80 маркалы бензин қолланылғаны ушын компенсация бериледи.

 

Бунда лицензияға ийе болған Дамас маркалы автомобильлер ушын күнине 40 000 сум муғдарында ҳәм көп сыйымлылыққа ийе микроавтобуслар (Газель, ЈАС, Shineray ҳәм басқалар) ушын 128 000 сумға шекем компенсация муғдары белгиленди.

 

Компенсация төлеў тәртиби төмендегише:

 

- тендер линия ийелери тәрепинен бензин чеклери ҳәм сол чекте лицензияланған автомобильдиң мәмлекетлик белгиси көрсетилген мағлыўматнама Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине тапсырылыўы шәрт.

   

Жоқарғы Кеңес пуқаралардан артықша ҳаўлықпаға берилмеўин сорайды!

 

«Ҳүкиметимиз тәрепинен барлық айрықша жағдайлар хызметлери күшейтилген режимде жумыс алып барыўы жолға қойылған ҳәм жағдайдан тезирек шығып кетиў ушын барлық зәрүрли илажлар көрилген.  

 

Жағдай өзгергенде айрықша көрсетпелер берилип, қосымша түрде хабарландырылады», - деп жазылған хабарда.

Social

Усыныс етемиз

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Уқсас жаңалықлар

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

    Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

    Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитария қағыйдалары ҳәм нормалары ЖСШ