Telegram karinform

Ҳуқық

  • 14.12.2024 16:00
  • 192

Баланың атын ҳәм фамилиясын өзгертиў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 70-статьясына муўапық, Пуқаралық жағдайы гүўалықларын дизимге алыў органы ата-ананың биргеликтеги арзасына бола 16 жасқа толаман дегенше баланың мәплерин итибарға алып, оның атын өзгертиўге, сондай-ақ, оған берилген фамилияны да әкеси яки анасының фамилиясына қарап өзгертиўге болады.

 

 

Егер ата-ана бөлек жасаса ҳәм бала менен бирге жасаўшы әке (ана) балаға өзиниң фамилиясын бериўди қәлесе, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық органы бул мәселени баланың мәплерин ҳәм ана (әке)ның пикирин есапқа алған ҳалда шешеди. Әке яки ананың турған жерин анықлаў мүмкин болмағанда, олар ата-аналық ҳуқықынан айырылғанда, машқалаларға жуўапкершиликсиз деп табылғанда, әке яки ана баланы тәмийинлеў ҳәм тәрбиялаў мәжбүриятларын әмелге асырыўдан анық бир себеплерсиз бас тартқан жағдайларда әке яки ананың пикирин есапқа алыў шәрт емес.

Егер бала өз ара некеде болмаған шахслардан туўылған ҳәм әкелик нызамлы түрде белгиленбеген болса, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық органы баланың мәплерин итибарға алып, оның фамилиясын ананың мүрәжат еткен дәўириндеги фамилиясына алмастырыў ушын руқсат бериўге ҳақлы.

Он жасқа толған баланың аты яки фамилиясын өзгертиў тек оның разылығы менен әмелге асырылады.

 

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...