Telegram karinform

Ҳуқық

  • 16.12.2024 16:00
  • 170

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў тәртиби қандай?

 

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў бала жайласқан медициналық бирлеспе қәўендерлик ҳәм қайырқомлық органы арзасына муўапық, баланың анасы тәрепинен таслап кетилгенинен 7 күн өтпестен әмелге асырылады. Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў ушын арзада баланың таслап кетилген ўақты, орны ҳәм таслап кетилген ўақыттағы жағдайы, жасы, жынысы, аўырлығы ҳәм бойы ҳаққындағы мағлыўматлар анық көрсетилиўи керек.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 14-ноябрьдеги 387-санлы қарарына муўапық, анасы тәрепинен таслап кетилген баланың фамилиясы, аты, әкесиниң аты ҳаққындағы мағлыўматлар, сондай-ақ, ата-анасы ҳаққындағы мағлыўматлар туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықта жоқарыдағы көрсетилген органлардың көрсетпеси бойынша киргизиледи. Бундай жағдайда баланың ҳәм оның ата-анасы сыпатында көрсетилген шахслардың фамилиясы бирдей жазылады.

 

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...