Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек ғана республикада емес, соның менен бирге, Орайлық Азиядағы ең дәслепки оператор ҳәм фотограф болды.
Худайберген Девонов
Худайберген Девонов 1878-жылы Хийўада туўылған. Ол жаслайынан техникаға қызықанлығы себепли, 1890-жыллардан баслап сол ўақыттағы сиясий режимлер ақыбетинде Хийўа ханлығына көшип келип жасап атырған германиялы Вилгелм Пеннерден сүўретке түсириўдиң сырларын үйрене баслады. Ол дәўирде Орайлық Азия еллеринде диний көзқараслардың ҳәўижге минген, фотография менен шуғылланыў жүдә қыйын еди. Худайберген Девонов уламалардың, жергиликли халықтың қарсылықларына қарамастан, кино ҳәм фотоаппарат пенен диний жыйынларды, халықтың түрли илажларын қорықпастан сүўретке түсирди. Оның киноленталарында сол дәўирдеги тарийхый орынлар ҳәм естеликлер, қаланың өзине тән көриниси, халықтың аўыл хожалық турмысы, дийқанлардың машақатлы мийнети, өмир тәшўишлери сәўлеленген еди.
Ол дәслеп Москвада, соңынан Петербургда оқыды. 1908-жылы Санкт-Петербургке жиберилген Хорезм делегациясының қатарында Худайберген Девонов та болған. Россияда ол өз кәсибиниң усталарынан фотографиялық жумыслардың сырларын үйренген. Дипломатиялық жумыслары өз жуўмағына жеткеннен соң да ол әмелий тәжирийбе топлаў ушын Россияда қалған. Дереклерде келтирилиўине қарағанда, Девонов ўатанына ҳәр түрли техникалар – телескоп, граммофон, фото ҳәм видеоаппаратлар, соның ишинде «ПАТЕ» №593 маркалы кинокамераларды алып келип, фотолаборатория шөлкемлестирген. Бул лаборатория фотокиностудия ўазыйпасын орынлаған . Бул камералардан 1910-жылы Хийўа ханы Асфандиярханның саяхаты туўралы биринши өзбек ҳүжжетли киносюжети түсирилген. Худайберген Девонов өзиниң филмлеринде ўатансүйиўшилик, ағартыўшылық идеяларын үгит-нәсиятлаған. Хорезм халқының үрп-әдетлерин өзинде сәўлелендирген мыңға жақын фотосүўретлерди түсириўге ерискен. Олардан «Үлкемиздиң архитектуралық естеликлери» (1913-жыл), «Түркстан көринислери» (1916-жыл), «Хийўа ҳәм хийўалылар», «Орайлық Азия архитектуралық естеликлери» киноленталарын атап өтиўге болады.
Худайберген Девонов шәкиртлери менен фотолабораторияда
Өзиниң сүўретке түсирген кадрларын халыққа жеткериўге ҳәм оларды бул өнерден хабардар етиўге шын кеўли менен ҳәрекет етип, бийпул киносеанс ҳәм фотокөргизбелерин шөлкемлестирди. Бул Өзбекстандағы дәслепки көшпели кинотеатрлар болды. Соның менен бирге, ол фотодөгереклер шөлкемлестирип, өз тәжирийбелерин фотография тараўына қызығыўшы жасларға үйрете баслады. Худайберген Девонов жасаған үй кино ҳәм фотолаборатория ўазыйпасын атқарды. Бүгинги күнге шекем Хийўа мәмлекетлик үлкетаныў мүзейинде оның түсирген фотоплйонкалары сақланбақта.
Худайберген Девонов тек ғана фотография тараўы менен шекленип қалмастан, елимизде фотожурналистиканың қәлиплесиўинде де үлкен орны бар. Оның түсирген фотосүўретлери жергиликли «Өзбекстан ҳақыйқаты» («Узбекстанская правда»), «Революция қуяшы» сыяқлы газеталарда жәрияланып келинген. 1925-жылы Өзбек киностудиясы шөлкемлестирилип, Девонов Хорезмде кино тараўы менен шуғылланды. Соңынан «Совкино»ның хабаршысы болып, Москваға «Шор көл», «Жумысшы ҳаяллар» сюжетлерин жиберген.
Худайберген Девоновты сол дәўирдеги Хийўа ханы Феруз аты менен белгили Муҳаммед Рахимхан ИИ ҳәм бас ўәзир Исламхожалар қоллап-қуўатлаған. Девонов дөретиўшилик етиў менен шекленбестен, ханлық дәўиринде жоқары лаўазымларда – сарай әмелдары, ис басқарыўшы лаўазымларында ислеген. Феруздың өлиминен соң нәўбеттеги хан оның дөретиўшилигин қоллап-қуўатламады. Сол дәўирдеги сиясий режимлер ақыбетинде Худайберген Девоновқа «халық душпаны» тамғасы басылып, 1938-жылы ол сиясий қамақханаға жиберилген ҳәм 1940-жылы дүнядан өткен. Арадан 20 жыл өтип, 1958-жылы оның аты ақланған. Бүгинги күнде Хийўа қаласындағы Девонов жасаған көше ҳәм кинотеатр оның аты менен аталады. Ол Машраф Бобожанов ҳәм Отанияз Шокиров сыяқлы талантлы шәкиртлерди таярлаған.
2009-жылы Ташкент қаласында өзбек фотоискусствосының тийкарын салыўшы ҳәм биринши кинооператор Худайберген Девонов туўылғанына 130 жыл толыўы мүнәсибети менен фотокөргизбе шөлкемлестирилген. 2020-жылы Ислам Каримов фонды тәрепинен «Биринши өзбек фотографы ҳәм кинооператоры Худайберген Девонов» атамасындағы албомы баспадан шығарылды.