Telegram karinform

Мақала

  • 01.12.2024 09:00
  • 510

Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында

Қарақалпақстан баспасөзи 1924-жыллардан баслап қәлиплесе баслаған болса, бул жылларда дәслепки «Қызыл Қарақалпақстан», «Советская Каракалпакия» сыяқлы газеталар шыға баслады. Бул жылларда газеталарда хабарлар, жаңалықлар ҳәм жәмийетлик әҳмийетке ийе мақалалар фотосүўретлерсиз, текстлер менен берилип келинди. Дүньяда газетадағы ең дәслепки фотосүўрет 1880-жылы жәрияланған болса, Қарақалпақстанда фотосүўретлер баспасөз бетлеринде арадан 50 жылдан асламырақ ўақыт өткеннен соң, яғный, 1930-жыллардан баслап жәриялана баслады. «Советская Каракалпакия» газетасының 1934-жыл 2-декабрь күнги №256 (506) санының «Жақсы породалы атлар ушын» («За хорошего породистого коня») мақаласы фотосүўрет пенен берилген. Мақалада породалы атлардың көргизбеси өткерилгенлиги ҳаққында сөз етилген болып, фотосүўретте ат үстинде отырған шабандоз сүўретленген. Фотосүўреттиң авторы көрсетилмеген. Бул фотосүўрет бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы архив иси басқармасында сақланып атырған ең ески жергиликли газета «Советская Каракалпакия»да жәрияланған дәслепки фотосүўрет болып табылады.
 

 

 

«Советская Каракалпакия» газетасының 1934-жыл 2-декабрьдеги саны

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал