Telegram karinform

Ҳуқық

  • 01.12.2024 16:00
  • 171

Қандай жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем бериў тоқтатылады?

 

Ҳүкиметтиң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, төмендеги жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем берилиўи тоқтатылады:

 

1) Белгиленген мүддет тамамланғанда;

2) Балалар напақасын яки социаллық жәрдем пулын алып атырған адамлардың өзлери сол жәрдемди тоқтатыўын сорап мүрәжат еткенде;

3) Шаңарақ турақлы жасаў ушын Өзбекстан Республикасы аймағынан сыртқа көшип кеткенде;

4) Айырым техникалық қәтелер себепли жәрдем пуллары надурыс белгиленлиги анықланғанда;

5) Шаңарақтың экономикалық жағдайы қайта үйренилгенде шаңарақ кем тәмийинленген деп есапланбаса;

6) Усы түрдеги жәрдем пуллары белгилениўи ушын тапсырылған ҳүжжетлер надурыс ҳәм исенимсиз болса яки толық усынылмаған болса;

7) Қурамында әскерий системада ислейтуғын адам болған шаңарақ тәрепинен арза тапсырылғанда;

8) Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 9-январдағы 11-санлы қарары менен тастыйықланған Судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары пенсия тәмийнаты шәртлери, нормалары ҳәм тәртиби ҳаққындағы нызамға тийкарланып пенсиялар менен тәмийинленген шаңарақ ағзалары бар екенлиги анықланғанда;

9) Артықша төлемлер анықланғанда.

 

Жоқарыда санап өтилгенлердиң айырымларына бул жәрдем пулларын белгилеў басынан-ақ бийкар етиледи.

 

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған