Telegram karinform

Технология

  • 01.12.2024 12:00
  • 284

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

 

Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты. 

 

Волгоград мәмлекетлик техника университетиниң Висдом лабораториясы баслығы  Александр Зубковтың айтыўынша, бул модель катаракта ушын көздиң булытлы линзаларын алмастырыў операцияларында шыпакерлерге жәрдем береди ҳәм араласыўлардың нәтийжелилигин 91% ке арттырады. 

LensCalc деп аталған система тек медициналық мәлимлеме системасын ҳәм наўкастың мағлыўматларын сақлаў сыяқлы стандарт функцияларды әмелге асырып қоймай, медициналық тәжирийбелерди де топлайды. Оның жәрдеминде алымлар усыныс системасының тийкарын қурайтуғын усылды ислеп шықты. Бул шыпакерлерге көз иши линзалары ушын мас келетуғын оптикалық қуўатты таңлаўға жәрдем береди. Ислеп шығарыў Волгоград мәмлекетлик университети менен шерикликте «Академик Федоров атындағы көз микрохирургиясы» пәнлер аралық илимий-техникалық копмлекси ушын әмелге асырылды.

 

Алдын линзаларды таңлаў бойынша қарарлар тек шыпакерлердиң тәжирийбеси тийкарында қабыл етилген. Бирақ, жаңа система диоптерди таңлаў бойынша прогнозды тәмийинлеп, барлық мағлыўматларды топлайды. LensCalc Волгограддағы көз микрохирургиясы филиалында белсене қолланылады. Бул операциялардың нәтийжелилигин 73,5 тен 91% ке шекем арттырыў имканын берди.

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы