Telegram karinform

Экономика

  • 01.12.2024 11:30
  • 326

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

 

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция жойбарлары менен танысқан еди.

 

Презентациялар ўақтында Президентимиз исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, жойбарларды жеделлестириў әҳмийетлилигин айтып өтти. 

Ақырғы 7 жылда Қарақалпақстан Республикасында 17 триллион 800 миллиард сомлық 6784 жойбар әмелге асырылған. Олардың нәтийжесинде 56 мың жумыс орны жаратылған. Усы дәўирде 2 млрд 815 млн долларлық экспорт исленген. Бул жылы республикада улыўмалық қуны 874 млн долларлық 470 жойбар әмелге асырылмақта.

 

Бул еле де даўам еттирилип, Қарақалпақстанда шет еллик инвестор ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўмалық қуны 9,5 млрд 800 млн долларлық 124 жойбар дүзилген. Соннан 1 млрд 800 млн долларлық 10 жойбар мәмлекетимиз басшысына презентация етилди.

Жойбарларға Қытай, Саудия Арабстаны, Германия, Россия, Испания сыяқлы мәмлекетлер компаниялары инвестиция киргизген. Олар энергетика, ыссылық тәмийнаты, таў-кән ҳәм химия санааты, қурылыс материяллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақларды қамтып алған.

 

Солардан Ji An Tai International компаниясы менен Қараөзек районындағы Урусай кәнин өзлестириў (20 млн доллар) бойынша техникалық экономикалық тийкарларды таярлаў басқышы жуўмақланып, ислеп шығарыў қуўатлары жаратылды.

Тийисли кән таярлаў жумыслары алып барылып, үскенелер орнатылды, 1 млн тонна металл қайта исленди ҳәм ислеп шығарылған алтын Наўайы кән-металлургия  комбинатына реализация етилди. Соны айтып өтиў керек, бул Қарақалпақстандағы дәслепки алтын кәни есапланады.


Сондай-ақ, Triangul Metals Tebinbulak компаниясы менен Қараөзек районындағы Тебинбулақ кәнин өзлестириў (1,6 млрд доллар) жумыслары алып барылмақта. «Triangul Metals Tebinbulak» ЖШЖ ЖК тәрепинен жылына 58 млн тонна металлды қайта ислеп, 5 млн тонна темир консентратын ислеп шығарыў арқалы 3,6 млн тонна полат шийки затын ислеп шығарыўға мөлшерленген жойбар  ислеп шығылды.

Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында