Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.12.2024 10:00
  • 119

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

 

Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.      

 

Австралияның Кертин университети алымлары социaллық тармақлардан тез-тез пайдаланыў руўҳый саламатлыққа алдын шамаланғанына қарағанда кемирек тәсир көрсетиўин анықлады. Изертлеў нәтийжелеринен мәлим болыўынша, социaллық тармақларда өткерилген ўақыт муғдары депрессия, қәўетер ҳәм стресс көрсеткишлерине сезилерли тәсир көрсетпейди. Буннан тысқары, тәсир бәрқулла унамсыз болабермейди: Базы жағдайларда социaллық тармақлар ҳәттеки айырым когнитив функцияларды жақсылаўға жәрдем береди.

 

Изертлеў жумысларының басшысы Хлоя Жонстың айтыўынша, нәтийжелер социaллық тармақлардың руўҳый саламатлыққа улыўма зыянсыз екенлигин аңлатпайды, ал олардың ортасындағы байланыс қурамалы ҳәм көп қырлы екенлигин көрсетеди. «Мәселен, жекеленген шәраятта жасайтуғын адамлар ушын оларды қоллап-қуўатлайтуғын онлайн топар қутқарыўшы болыўы мумкин. Бирақ, басқа тәрептен қурамалы сүўретлер жайласқан бетлерди үзликсиз көрип шығыў ѳз денесин қабыл етиў менен байланыслы машқалаларға дусласып атырған адамларға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин» – дейди Жонс.

 

Изертлеўдиң ѳзине тән қәсийети объектив мағлыўматлардан пайдаланыў болды: алдынғы жумыслардың айырымлары қатнасыўшылардың өзин-өзи баҳалаўға тийкарланған болса, бул сапары Кертин университети Жәмийет саламатлығы мектеп қәнигелери 17 жастан 53 жасқа шекем болған 400 ден аслам адамның мобиль телефонларынан реал мағлыўматларды топлады. Бул респондентлердиң социaллық тармақларда анық қанша ўақыт өткерип атырғанлығын өлшеў имканын берди.            

 

Изертлеўшилер социaллық тармақлардан пайдаланыў мағлыўматларын қатнасыўшылардың депрессия, тәшўиш ҳәм стресс көрсеткишлери менен салыстырғанда, социaллық тармақлар тек тәшўиш дәрежеси менен күшсиз байланысқанлығын, депрессия ҳәм стресске дерлик тәсир көрсетпейтуғынлығын анықлады. Буннан тысқары, социaллық тармақлардан тез-тез пайдаланыў дыққатты басқарыў қәбилетин бираз жақсылаўы мәлим болды. «Егер бул тараўда тийкарлы қарарларды қабыл етежақ болсақ, сапалы мағлыўматларға сүйениўимиз керек» – деди Жонс. «Социaллық тармақларда өткерилген ўақыт қалыслық пенен өлшенгенде, оның тәсири жүдә кем яки улыўма жоқ екенлигин кѳрсетти».

 

Изертлеў авторларының бири, профессор Патрик Кларктың айтыўынша, бул изертлеў  социaллық тармақлардан пайдаланыў ҳәм пайдаланыўшылардың жеке өзгешеликлери олардың руўҳый саламатлығына қалай тәсир етиўин түсиниў ушын жаңа изертлеўлерге тийкар болыўы мүмкин. «Мәселен, анализлеримиз түрли платформалардың пайдаланыўшыларына түрлише тәсир кѳрсететуғынын анықлады: TikTok’тан пайдаланыў дыққатты басқарыў қәбилетиниң бираз жақсыланыўы менен байланыслы болса, Facebook’тан пайдаланыў руўҳый шаршаў дәрежесиниң артыўына себеп болады» – деп түсиндиреди Кларк. Қызықлы тәрепи, бул байланыслылық пайдаланыўшылар ортасындағы жас парқлары есапқа алынғанда да сақланып қалған.

 

Алымлар тек социaллық тармақларда өткерилген ўақытты үйренип, пайдаланыўшылар анық не менен шуғылланып атырғанлығын анализлемеген. Профессор Кларктың келтириўинше, бул жумыс руўҳый саламатлық ушын социaллық тармақлардан пайдаланыў даўамлылығы емес, ал олар менен ѳз ара мүнәсибет характери әҳмийетлирек екенлигин кѳрсетеди.

 

Social

Усыныс етемиз

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў тәртиби қандай?

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў тәртиби қандай?

    Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў бала жайласқан медициналық бирлеспе қәўендерлик ҳәм қайырқомлық органы