Telegram karinform

Ҳуқық

  • 02.12.2024 11:00
  • 117

Кәрханаларда штатлар қысқарғанда жумыста қалыў ушын кимлер жеңилликке ийе?

 

Мийнет кодексиниң 167-статьясына муўапық, кәрханада хызметкерлер саны (штаты) қысқарыўы мүнәсибети менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде жумыста қалдырыў ушын жеңилликли ҳуқық маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы жоқарырақ болған қәнигелерге бериледи.

 

Маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы бирдей болған жағдайда төмендегилер есапқа алынады:

 

– Қарамағында еки яки одан артық адам болған хызметкерлерге;

 

– Шаңарағында оннан басқа ғәрезсиз ис ҳақы алатуғын адам болмаған шахсларға;

 

– Сол кәрханада көп жыллық ис стажына ийе болған хызметкерлерге;

 

– Ислеп шығарыўдан ажыралмаған ҳалда жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлеринде мийнет шәртнамасына бола тийисли қәнигелик бойынша маманлығын асырып атырған хызметкерлерге ҳәм ислеп шығарыўдан ажыралған ҳалда жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған шахсларға оқыўды тамамлағаннан кейин қәнигелиги бойынша ислеў шәрти менен үш жыл даўамында;

 

– Сол кәрханада мийнетте майып болып қалған яки кәсип кеселлигин арттырған шахсларға;

 

– Нәгиранлығы болған шахсларға;

 

– Урыс нәгиранлары, урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахсларға;

 

– Атом объектлериндеги кеўилсиз жағдайлар ақыбетинде келип шыққан асырылған радиация нурланыўы менен байланыслы нурланыў кеселлиги ҳәм басқа кеселликлерге жолыққан яки сондай кеселликлерди басынан кеширген шахсларға.

 

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы