АИЖС (Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы) АИВ деп аталған вирус (адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы) себеп болған синдром, халық арасында көбирек СПИД аты менен танылған. Кеселлик иммунитет системасын өзгертип, адамларды инфекциялар ҳәм кеселликлерге көбирек бейим етип қояды. АИВ организмниң барлық тоқымаларында ушырайды, лекин ол инфекцияланған адамның биологиялық суйықлықлары (сперма, вагинал суйықлықлар, қан ҳәм ана сүти) арқалы жуғады.
АИЖС/АИВ – олар не?
АИВ – иммун системасындағы Т клеткаларына (CD4 клеткалары) ҳүжим ететуғын вирус. АИЖС – бул инфекцияның раўажланған басқышында пайда болатуғын синдром.
Вирустың жуғыўы АИЖС раўажланыўына алып келиўи мүмкин. Бирақ, АИВ жуққанда бәрқулла да иммунитет жетиспеўшилиги синдромы раўажланабермейди. Терапиясыз АИВ инфекциясы раўажланыўы мүмкин ҳәм көпшилик жағдайларда АИЖСке айланады. Буннан соң адам кеселликти ҳәрдайым амнезияда алып барады.
Кеселликтиң раўажланыў себеплери
АИВ – инсан иммунитетиниң клеткалары ҳәм әҳмийетли органларын жарақатлайтуғын ретровирус. АИВ бир адамнан басқасына қан яки жынысый байланыс арқалы жуғыўы мүмкин. Вирус антиретровирус терапия ( АРТ) болмағанда раўажланады. АРТ адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусының өсиў тезлигин пәсейтеди яки алдын алады. Вирус раўажланыўының дәрежеси адамлар арасында кең тарқалған ҳәм көплеген себеплерге байланыслы:
- Наўқастың жасы;
- Денениң АИВдан өзин қорғаў қәбилети;
- Дәрилердиң болыўы;
- Басқа инфекциялардың болыўы;
- Наўқаста генетикалық кеселликлердиң болыўы;
- Вирустың айырым штаммларына қарсы қорғаныў.
АИВ қалай жуғады?
Жынысый байланыс арқалы – бул инфекцияланған жынысый суйықлықлар менен байланыс қылғанда жүзеге келиўи мүмкин. Бул вагинал, орал ҳәм анал сыяқлы қорғалмаған жынысый байланыс ўақтында жүз береди.
Перинатал жуғыў – ана толғақ ўақтында, ҳәмиледарлық ўақтында, сондай-ақ, емизгенде балаға жуқтырыўы мүмкин.
Қан қуйыў арқалы жуғыўы – ҳәзирги ўақытта қан қуйыў арқалы АИВ жуқтырыў қәўпи раўажланған мәмлекетлерде жүдә абайлылық пенен тексерилип, тийисли илажлар көрилип атырғанлығы себепли жүдә төмен. Соның менен бирге, нәшебентлик затларды қабыллаўшылар яки наўқастың қаны менен зыянланған шприцлерди қайтадан пайдаланыў ақыбетинде кеселликтиң жуғыў қәўпи жүдә жоқары.
АИЖС белгилери
Көп жағдайларда АИЖС (СПИД) белгилери бактериялар, вируслар, замаррықлар яки паразитлердиң раўажланыўы себепли жүзеге келеди. Бул жағдайлар әдетте денени инфекциядан қорғайтуғын саламат иммунитет системасына ийе болғанларда раўажланбайды.
Дәслепки белгилери
АИВқа шалынған көп адамларда АИЖС белгилери бирнеше ай, ҳәтте, жыллар даўамында ушырамайды. Басқаларда грипп ҳәм тымаўға уқсас белгилер раўажланыўы мүмкин, олар әдетте вирус жуққаннан 2-6 ҳәпте ѳткеннен соң билинеди.
Кеселликтиң биринши белгилери төмендегилерди өз ишине алыўы мүмкин:
- Температура;
- Буўынлардағы аўырыў;
- Булшық етлердеги аўырыў;
- Тамақ аўырыўы;
- Терлеў (әсиресе түнде);
- Безлердиң үлкейиўи;
- Қызыл таспалардың шығыўы;
- Шаршаў;
- Ҳәлсизлик;
- Дене салмағын жоғалтыў;
Асиптоматик (белгилерсиз)
Көплеген жағдайларда АИЖСтың дәслепки белгилери жоғалып кеткеннен кейин көп жыллар даўамында қосымша кеселлик белгилери бақланбайды.
Сол ўақыт ишинде вирус раўажланып, иммунитет системасы ҳәм дене ағзаларына зыян жеткериўди даўам етеди. АИВды репликациялаўға қарсы дәрилерсиз бул процесс орташа 10 жылға шекем даўам етиўи мүмкин. Инфекцияланған адамда әдетте ҳешқандай белги бақланбайды, өзин жақсы сезеди ҳәм саламат көринеди.
Раўажланған (соңғы) басқышларда
Егер наўқас емленбесе, АИВ адамның инфекциялар менен гүресиў қәбилетин ҳәлсиретеди. Адам организми күшли кеселликлерге қарсы гүресе алмайды. Ҳәттеки, әпиўайы тымаў да жүдә аўыр түрде өтеди. Усы басқыш АИЖС деп аталады.
АИВ инфекциясының ақырғы дәўирлериндеги белгилери төмендегише көриниўи мүмкин:
- Көриў қәбилетиниң төменлеўи;
- Иш өтиўи, әдетте турақлы ҳәм созылмалы;
- Қурғақ жөтел;
- Температураның бир неше ҳәпте даўамында 37°C дан жоқары болыўы;
- Кешки терлеў;
- Турақлы шаршаў;
- Дем қысылыўы;
- Бирнеше ҳәпте даўам ететуғын безлердиң үлкейиўи;
- Салмақ жоғалтыў;
- Тилде яки аўызда ақ таспалардың пайда болыўы.
АИВ инфекциясының ақырғы басқышларында өмирге қәўип туўдыратуғын кеселликлердиң раўажланыў қәўпи жүдә жоқары. Әдетте, бундай кеселликлерди вирусты емлеў ушын керекли препаратлардан тысқары, тийисли дәри-дармақлар менен басқарыў, алдын алыў ҳәм емлеў мүмкин.
Кеселлик ҳаққында әпсана ҳәм ҳақыйқатлар
Бул кеселлик туўралы көплеген надурыс түсиниклер бар. Вирус төмендеги жағдайларда жуқпайды:
- Қол берип көрисиў;
- Қушақласыў;
- Сүйиў (егер аўызда жаралар болмаса);
- Түшкириў;
- Тери менен байланыс;
- Сүлгилерди бирге пайдаланыў;
- Үй-руўзыгершилик буйымлары (қасық, кесе, ҳәм т.б).
Кеселликти анықлаў
CDC (Кеселликти бақлаў ҳәм алдын алыў орайлары) мағлыўматларына бола, ҳәр 8 АИВ менен кеселленген америкалықлардың биреўи өзлериниң жағдайынан бийхабар.
АИЖС (СПИД)ти емлеў
Ҳәзирги күнде АИВ яки АИЖСтиң еми жоқ. Бар болған емлеў усыллары кеселликтиң раўажланыўын пәсейтиўи мүмкин ҳәм көп адамларға узақ және саламат турмыс кешириў имканын береди.
Инфекцияланыў ерте мүддетлерде анықланғанда антиретровируслы емлениў жүдә әҳмийетли – бул турмыс сапасын жақсылайды, өмир сүриў даўамлылығын узайттырады. Сондай-ақ, 2013-жыл июнь айында басып шығарылған Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми қолланбаларына муўапық жуқтырыў қәўпин кемейтеди.
Ҳәзирги күнде бул инфекцияға қарсы ҳешқандай емлеў яки дәрилер ислеп шығарылмаған, бирақ, соңғы жылларда емлеў усыллары жақсыланды. Наўқаслардың денсаўлығы ҳәм турмыс сапасын кунине қабыллайтуғын бир таблетка сезилерли дәрежеде жақсылаўы мүмкин.