Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.12.2024 17:17
  • 138

OpenAI: Жердиң ҳәр сегизинши турғыны 2025-жылда ChatGPTдан пайдаланады

 

OpenAI 2025-жылға келип ChatGPT пайдаланыўшылары санын 1 миллиард адамға жеткериў жобасын мәлим етти, бул Жер бетиндеги ҳәр сегизинши адамға тең. Бул мақсет чатботты кеңейтиў, оның функционаллығын жақсылаў ҳәм оны көбирек платформаларға интеграция етиў арқалы әмелге асырылады.

ChatGPT ҳәзир миллионлаған адамлар тәрепинен оқыў, жумыс ҳәм сәўбетлесиў ушын пайдаланылмақта. Ол иске түсирилгеннен берли чатботтың танымалылығы, әсиресе, GPT-4 ҳәм оның имканиятлары дағазаланғаннан соң тез өсип атыр.

Open AI раўажланып атырған базарларда өсиў ушын үлкен потенциалды көриўди ҳәм платформаны олардың мүтәжликлерине сәйкеслендириўди жобаластырып атырғанлығын айтады.

Компания, сондай-ақ, моделлериниң жумысын жақсылаў, олардан пайдаланыў қәрежетлерин кемейтиў ҳәм тилди қоллап-қуўатлаўды кеңейттириў үстинде ислемекте. Бул алдын AI хызметлеринен пайдалана алмағанларды өзине тартыўы күтилмекте, дейди.

Social

Усыныс етемиз

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған