Telegram karinform

Ҳуқық

  • 19.12.2024 10:00
  • 169

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген.

Билимлендириў шөлкемине келгенде ҳәрбир тәлим алыўшы, қәниге ҳәм басқа шахслар телефонын өширип қойыўы, яғный даўыссыз режимге қойыўы соның менен бирге, оны сумкасына салыўы керек.

 

Оқыўшы ҳәм студентлерге төмендегилерди ислеў мүмкин емес:
- телефонды мойнына илдирип алыў, көкирек қалталарына, шалбар юбкаларының қалталарына ҳәм сол сыяқлыларға сақлаў;
- телефон аккумляторын зарядлаў ушын билимлендириў шөлкеминиң электр тармақларына қосыў;
- телефон жәрдеминде әтирапындағыларға фото, видео, текст сыяқлыларды көрсетиў,
- сабақ ўақтында телефон арқалы сөйлесиў, sms, mms ҳәм басқа хабарларды жибериў;
- телефонды стол үстине қойыў;
- музыка тыңлаў ҳәм сол ушын наушниклерден пайдаланыў;
- диктофон, блокнот, календар, калькулятор сыпатында пайдаланыў;
- фото ҳәм видеоға алыў;
- ҳәм телефон арқалы басқа да хызметлерден пайдаланыў.

Тек ғана тийкарлы ҳәм кешиктирип болмайтуғын себеплер менен ҳәм айырықша жағдайлар жүз берген ўақытта телефоннан пайдаланыўға руқсат етиледи. Соның менен бирге билимлендириў шөлкемлериниң оқытыўшылары ҳәм басқа қәнигелери, оқыў ўақтында телефоннан пайдаланыў ҳуқықына ийе емес.

 

Ал, жоқарыдағыларды бузғанлығы ушын қандай жуўапкершилик бар? 

1. Ескертиў;
2. Күнделик дәптерине жазып қойыў;
3. Ата-аналарын яки жақынларын хабардар етиў ушын шақырыў.

Бул нызам талапларын бузған студентлерге қарата ЖООның ишки тәртип-қағыйдаларына муўапық шара көриледи. Нызам талаплары бузылған жағдайда билимлендириў мәкемесиниң ҳәрқандай педагог қәнигеси тәлим алыўшыдан телефонын алып қойыў, билдириў рәсмийлестириў ҳәм оны телефон менен бирге директорға яки оның орынбасарына, кейин ата-атаналарға бериў, ескертиў ҳуқықына ийе.

Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында