Telegram karinform

Сиясат

  • 08.01.2025 13:12
  • 180

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

 

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады, деп хабар береди Gazeta.uz. Олардың қағаз нусқалары банклерде, нотариал мәкемелерде, аэропорт, вокзал сыяқлы тийисли ҳүжжетлерди сорайтуғын шөлкемлерде талап етилмейди.

Бул ҳүкиметтиң «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўда «социаллық карта» системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған.

Жалғыз интерактив мәмлекетлик хызметлери порталының келтириўинше, енди my.gov.uz дағы шахсты тастыйықлаўшы, айдаўшылық гүўалығы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң санлы (электрон) формасы рәсмий түрде тән алынады.

Дизимге төмендеги ҳүжжетлер киргизилген:

  • Өзбекстан пуқарасының биометриялық паспорты;
  • Өзбекстан пуқарасының ID картасы;
  • Айдаўшылық гүўалығы;
  • Неке ҳаққындағы гүўалық;
  • Некеден ажырасғанлығы ҳаққындағы гүўалық;
  • Транспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық (техникалық паспорт, техникалық талон);
  • Пенсия (напақа) гүўалығы;
  • Пуқаралығы болмаған шахстың жасаў гүўалығы (ID-картасы);
  • Нәгиранлық ҳаққындағы мағлыўматнама;
  • Транспорт қуралының мәжбүрий қамсызландырыў (пуқаралық жуўапкершилиги) бойынша қамсызландырыў полиси;
  • Жоқары, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм профессионал билим алғанлығы ҳаққындағы мәмлекет үлгисиндеги рәсмий ҳүжжет;
  • Студентлик гүўалығы;
  • Жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық;
  • Өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама;
  • Турақ жай объектлериниң кадастр паспорты;
  • Физикалық шахстың жеке автомототранспорт қуралын басқа шахсларға басқарыў ҳуқықын беретуғын исеним хаты.
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған