Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2025 22:20
  • 232

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

 

Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий ҳәрекети жолға қойылыўы жобаластырылмақта. Бул ҳаққында 2025-жыл ушын арналған мәмлекетлик бағдарлама жойбарында көзде тутылған.

Жойбарға муўапық, 2025-жылда халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шәрт-шәраятларды жаратыў бойынша халықтың күнделикли турмысына экологиялық принциплерди сиңдириў мақсет етилген.

 

«Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде төмендегилер нәзерде тутылмақта:

  • Бир сутка даўамында кеминде 10 мың қәдем жүриўди ен жайдырыў;
  • Жоқары көрсеткишлерге ерискенлерге «Экобелсенди пуқара» атағын бериў, олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10% шегирме ҳәм мәмлекет үлеси 50% тен жоқары болған банклерде тутыныў кредитин алыўда шегирме бериў;
  • Шаңарақтың барлық ержеткен ағзалары «Экобелсенди пуқара» атағын алғанда, сол шаңараққа «жасыл шаңарақ» атағын ҳәм оларға ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобиль бериў;
  • Халқының ярымы «жасыл шаңарақ» атағын алған мәҳәллелерде «Ең таза мәҳәлле» ҳәм «Ең жасыл мәҳәлле» таңлаўларын өткериў ҳәм утқан мәҳәллерлердиң фондына балалар майданшасын қурыў, жасыл бағ жаратыў ҳәм шығынды жыйнаў майданшаларын қурыў, шығынды контейнерлерин орнатыўға 500 млн сом ажыратыў.

Жоқарыдағылар нәзерде тутылған электрон платформа 2025-жыл 1-июньге шекем иске түсирилиўи мүмкин.

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған