Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар берди. Пенсия жасына жетип, көп жыллық мийнетиниң нәтийжесин көриў, кекселиктиң рәҳәтин сезиў ҳәммемиздиң турмыслық мақсетимиз болып табылады.
Кимлерге пенсия тайынланады?
Жасқа байланыслы толық пенсия алыў ушын ер адамларға 60 жасқа толғанда 25 жыл мийнет стажы, ҳаял-қызларға 55 жаста 20 жыл мийнет стажына ийе болғанда тайынланады. Талап етилгенине салыстырғанда кемирек (кеминде 7 жыл) ис стажына ийе болғанларға толық емес пенсия тайынланады, яғный пенсия кемирек есапланады.
Ис стажына нелер киреди?
Пенсия тайынлаўда ис стажына рәсмий ислеп, мийнет ҳақы есапланған дәўирлер, жеке тәртиптеги исбилермен, өзин-өзи бәнт еткен ямаса сырт елде жумыс ислеген шахс сыпатында Пенсия қорына социаллық салық төленген дәўирлер жумыс стажына есапланады. Мағлыўмат ушын: ҳаял-қызлар рәсмий ислеп, мийнет ҳақы есапланған ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен, өзин-өзи бәнт еткен ямаса сырт елде жумыс ислеген шахс сыпатында социаллық салық төленген дәўирлери жәми 20 жыл болғанында 54 жастан жасқа байланыслы пенсияға шығыў жеңиллиги бар.
Жоқарыдағы дәўирлер ушын кеминде 7 жыл жумыс стажына ийе болғанда пуқараның әскерий хызмет, жоқары оқыў орнындағы күндизги оқыў ҳәм бала тәрбиясы ушын дем алыста болған дәўирлери де (ҳәр бир бала ушын 3 жыл, жәми 6 жылға шекем) улыўма жумыс стажына қосылады.
Пенсияға таярлық қалай әмелге асырылады?
Пенсия пуқараның рәсмий ислеген дәўири ҳәм салық төленген мийнет ҳақы (дәраматы) есапқа алынады. Яғный пуқара рәсмий ислеп, рәсмий дәрамат алған сайын жылдан-жылға пенсияға ҳуқықы қәлиплесип барады. Демек, ҳәрбир пуқара жумыс искерлиги ҳәм дәраматын рәсмийлестириў арқалы пенсияға таярлық көреди. Ҳәмме пенсия жасына жақынласқанда пенсия ҳаққында ойлай баслайды. «Енди маған қанша пенсия шығар екен?»,«Жоқары муғдарда пенсия алар ма екенмен?» сыяқлы сораўлар бақланады. Пенсия тайынланғаннан соң болса көпшилик пуқараларда «Неге маған аз муғдарда пенсия тайынланды?»,«Мениң есабым бойынша көбирек пенсия алыўым керек еди?» сыяқлы сораўлар туўылады.
Мине усындай сораўлар пуқараларда болмаўы, жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын пенсия жасына жақын қалған пуқаралар, сондай-ақ, жасларға төмендеги усыныслар берилди:
- Бириншиден, жумысыңыз рәсмий түрде өтип атырғанлығына, жумыс ислеп атырған шөлкемиңизде сизге жумыс стажы жазылып атырғанлығына исеним пайда етиң. Буны өзиңиз еркин түрде my.gov.uz порталы арқалы тексерип алыўыңыз да мүмкин.
- Екиншиден, жумыс бериўшиңизден ис стажларыңыз ҳаққындағы мағлыўматларды санластырыўды талап етиң.
- Үшиншиден, шөлкемиңиз тәрепинен сизге рәсмий түрде мийнет ҳақы төленип атырғанлығына итибар бериң. Бунда, сизге есапланған мийнет ҳақы, ҳақыйқат қолыңызға алатуғын мийнет ҳақыңыз, услап қалынатуғын дәрамат салықлары, топланып барылатуғын пенсия ушын өткерилип атырған қаржылар ҳәм басқаларды турақлы түрде тексерип барың.
- Төртиншиден, егер сиз рәсмий емес түрде жумыс алып барып атырған болсаңыз, өзин-өзи бәнт еткен ҳалда дизимнен өтип, Пенсия қорына белгиленген тәртипте социаллық салық төлеп барың. Бул арқалы сиз ис стажыңызды көбейтип барасыз.
- Бесиншиден, пенсия нызамшылығына байланыслы жаңалықлар, мағлыўматлар менен турақлы түрде танысың, киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардан хабардар болың.
- Алтыншыдан, ҳәзирги ўақытта жумыс ислемей атырған болсаңыз, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимлерине мийнет дәптершениңиздеги мағлыўматларды санластырыўды сорап мүрәжат етиўиңиз керек. Бунда, санластырылған мағлыўматларыңызды my.gov.uz порталында көриўиңиз мүмкин.