Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын көриўге қарар етти. Бул ҳаққында Синхуа мәлимлеме агентлиги хабар бермекте, деп жазады Дарё.
Фото: СNN
Агентликтиң мағлыўматларына бола, балалар тәрбиясы ушын үлкен муғдардағы субсидиялар пүткил Қытай бойлап мәмлекеттиң туўылыўды арттырыў бойынша кең көлемли ҳәрекетлери шеңберинде берилмекте. Атап айтқанда, Қытайдың арқасында жайласқан Хух-Хото қаласында ата-аналарға 10 мың юан (шама менен 688 мың тенге) муғдарында бир мәртелик субсидия берилиўи жолға қойылған.
Буннан тысқары, екинши перзент туўылғанда, ол 5 жасқа толғанға шекем де тап усындай муғдарда пул төленеди. Тап усы төлем үшинши перзент ушын 10 жасқа толғанға шекем әмелге асырылады.
Мәлим етилиўинше, бул қарар Қытайдың миллий нызам шығарыўшы уйымы болған Пүткил Қытай халық ўәкиллери мәжилиси ҳәм Қытайдың жоқары сиясий мәсләҳәт уйымы – Қытай Халық сиясий мәсләҳәт кеңеси миллий комитетиниң сессияларынан соң қабыл етилген.
«Биз туўылыў дәрежесин арттырыў сиясатын ислеп шығамыз, балаларды тәрбиялаў ушын субсидиялар беремиз, интеграцияласқан бақша ҳәм балаларды тәрбиялаў хызметлерин жедел раўажландырамыз ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған балаларды тәрбиялаў хызметлерин көбейтемиз», делинеди есабатта.
Денсаўлықты сақлаў бойынша миллий комиссия мағлыўматларына бола, Қытайдың 20 дан аслам ўәлаяты балаларды тәрбиялаў ушын түрли дәрежедеги субсидиялар бериў имканиятын үйренип шыққан. Буннан тысқары, Қытайда ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысы улыўма есапта 158 күннен көбирекке созылды.
Сондай-ақ, Ишки Монголия ўәлаяты «Аналар ушын бир стакан сүт» бағдарламасын иске қосты. Бағдарламаға бола, 1-марттан кейин перзентли болған ҳаял-қызлар ҳәр күни бийпул сүт алыў имканиятына ие болады. Қытай избе-из үшинши жыл халық санының азайыўын атап өтпекте. 2024-жылы некелер саны рекорд дәрежеде 20 процентке азайған.
Экспертлер демографиялық кризисти 1980-2015-жылларда әмелде болған «бир бала» сиясатының ақыбетлери, сондай-ақ, урбанизация ҳәм балалар тәрбиясына жоқары қәрежетлер менен байланыстырмақта. 2021-жылы қытайлы шаңарақларға үш балаға шекем перзент көриўге руқсат берилди, бирақ бул жағдайды өзгертиў ушын жетерли болмады.
Парламенттиң март айындағы мәжилисинде Мәмлекетлик кеңестиң бас министри Ли Цян жаңа балалар напақалари ҳәм бийпул мектепке шекемги билимлендириў енгизилетуғынын жәриялады. 16-март күни жәрияланған экономиканы хошаметлеў режесинде болса пүткил мәмлекет бойлап балалы шаңарақларды қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.