Telegram karinform

Сиясат

  • 19.03.2025 15:22
  • 175

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин



Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. 
Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Онда шахсты сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыўда (оны жәриялаў, көрсетиў, тарқатыў, сақлаў, қайта ислеў, басып шығарыў) оның руқсатын алыў шәрт етип белгиленбекте.

 

Төмендеги жағдайларда болса сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыўда шахстың разылығын алыў шәрт емес:

➖ Сүўреттен жәмийет ҳәм мәмлекет мәплери жолында пайдаланылғанда (мәселен, излеўдеги шахсларды жәриялаўда);

➖ Хызмет ўазыйпасы ҳәм жәмийетлик хызметти әмелге асырыўда мәмлекет хызметкери ҳәм ҳәкимият ўәкилин сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыў;

➖Жәмәәт орынлары, митинг, жыйналыс ҳәм демонстрациялар, сондай-ақ, жеке ҳәм ғалабалық илажларда (той, шаңарақлық, юбилей сыяқлы мәресимлер) улыўма процессти сәўлелендириў мақсетинде;

➖ Сүўрет шахс тәрепинен ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған (мәселен, социаллық тармақтағы бетине жайластырылған) ямаса ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған деректен алынған (сүўреттен коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў буған кирмейди);

➖ Шахстың мәпи ушын түсирилген (жаратылған) сүўретинен усы сүўретти алыўдан (жаратыўдан) гөзленген мақсетте пайдаланылғанда;

➖️ Жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде орнатылған бақлаў камералары сүўретинен пайдаланыўда да руқсат алыў талап етилмейди.

Сондай-ақ, жеке өмирге қол қатылмаслығын бузыў мақсетинде мәлимлемени жасырын алыўға мөлшерленген қураллардан пайдаланғаны ушын БЕМның 10 есесинен 40 есесине шекем (3 млн 750 мың сомнан 15 млн сомға шекем) жәрийма қолланыў нәзерде тутылмақта.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...