Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимлилик сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды, деп хабар береди Prezident.uz.
Усы пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып, жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған 488 шахс әпиў етилди.
Олардан:
- 100и тийкарғы жазадан толық азат етилди;
- 268и мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди;
- 34иниң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды;
- 86сының жаза мүддети қысқартылды.
Әпиў етилгенлер арасында 17 сырт ел пуқарасы, 37 ҳаял, 37 60 жастан асқан ер адам, 167 жас (соннан 1 жас өспирим) ҳәм 5 қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар бар.
Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға әпиў етилгенлерди шаңарағына ҳәм жәмийетке қайтарыў, олардың социаллық турмысқа бейимлесиўи, пайдалы ис пенен шуғылланыўы ҳәм саламат турмыс тәризине қайтыўы ушын зәрүрли жәрдем көрсетиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.