Telegram karinform

Технология

  • 04.04.2025 11:09
  • 492

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

 

 

Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын салыўшы, миллиардер Билл Гейтс The Tonight Show шоусындағы шығып сөйлеўинде  тоқтап өткен.

 

Гейтстиң пикиринше, пессимистлик болжаў ҳәм шамаларға қарамастан, үш кәсип ийелери – программистлер, энергетика ҳәм биология бойынша қәнигелер қәўетерленбесе де болады. Себеби олардың орнын жасалма интеллект ийелей алмайды.

 

IT қәнигелери жасалма интеллекттиң жумысын жақсылайды, биологлар илимий ашылыў ҳәм ойлап табылыўларға басшылық етеди. Энергетика системасы соншелли қурамалы, оны толық жасалма интеллекттиң басқарыўына тапсырыўға болмайды.

 

Соның менен бирге, миллиардер жасалма интеллект санааттан баслап аўыл хожалығына шекем – көплеген тараўларда адамларды мийнет базарынан қысып шығарыўына итибар қаратқан. Ол жасалма интеллект раўажланыўы изинен мийнет ҳәптеси 2-3 күнге шекем қысқарыўын да болжаған.

 

Соңғы ўақытлары ChatGPT  сыяқлы жасалма интеллект бағдарламаларының жедел раўажланыўы артынан көплеген тараўларда жумыс орынларының қысқарыўы, технологиялар инсанлардың орнын ийелейтуғынлығы ҳаққында қызғын додалаўлар болып өтпекте.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...