Telegram karinform

Технология

  • 05.04.2025 10:57
  • 218

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

 

 

Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

 

Аналитиклердиң пикиринше, Apple өз өнимлери, соның ишинде, iPhone баҳасын 30-40%ке арттырыў арқалы бажыхана төлемлериниң унамсыз тәсирин жумсартыўы мүмкин. Counterpoint Research компаниясы басшысы Нил Шоҳтың айтыўынша, импорт бажыхана төлемлерин қаплаў ушын Apple баҳаларды үштен бирге арттырыўға мәжбүр болады.

 

Атап өтилиўинше, Apple өндиристиң бир бөлегин Қытайдан Ҳиндстан ҳәм Ветнамға көширген, бирақ бул мәмлекетлер де сәйкес түрде 26 ҳәм 46 процентлик бажыхана төлемлерин енгизген. «Бизиң болжаўымызша, Apple смартфонлар баҳасының сезилерли дәрежеде көтерилиўин iPhone 17 шығыўы күтилип атырған гүзге қалдырады» – дейди аналитик Анжело Зино.

 

Rosenblatt Securities аналитиклериниң болжаўына бола, Apple‘дың ең арзан смартфоны – iPhone 16е баҳасы 599 доллардан 856 долларға шекем көтерилиўи мүмкин. Өз гезегинде, iPhone 16 баҳасы 799 доллардан 1142 долларға шекем, 1 терабайтлы ядқа ийе флагман iPhone 16 Pro Max болса 1599 доллардан 2300 долларға шекем қымбатлайды.

Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл